Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

27

1- ноябрьден нызамшылықта нелер өзгереди?


Жаңа тәртиплер, көтерилип атырылған айлықлар ҳәм бийкар болып атырған жеңилликлер: 1- ноябрьден нызамшылықта нелер өзгереди?

1. Ҳәр жылы ноябрьде “Кекселер ушын туризм айлығы” өткериледи
Ҳүкимет қарарына тийкар, ноябрь айы “Кекселер ушын туризм айлығы” деп жәрияланған.
Усы илаж шеңберинде аймақлардағы туризм инфраструктура объектлери тәрепинен ықтыярий усынылатуғын шегирме ҳәм акциялар Туризмди раӯажландырыӯ мәмлекетлик комитетиниң веб-бетлеринде жәриялап барылады.
2. Салық кодекси менен берилген жеңилликлер бийкар етиледи:
Жер салығы бойынша төмендегилер тәрепинен ийеленген жер участкалары:
•    Саламатластырыӯ ҳәмде дем алыӯ орынлары, атап айтканда дем алыӯ үйлери;
•    Халықтың ғалабалық дем алыӯы ҳәм туризм ушын орынлар, егер олар исбилерменлик искерлиги ушын ажыратылған болса;
•    санаторий-курорт объектлери, егер олар туристлик зоналарда жайласқан болса;
Мал-мүлк салығы бойынша санаторий-курорт хызметлери көрсетиӯ ушын пайдаланылатуғын көшпес мүлк объектлери, егер олар туристлик зоналарда жайласқан болса.

3. Ден саӯлықты сақлаӯ уйымлары басқарыӯ хызметкерлерине ҳәр айлық үстеме тѳленеди

Ден саӯлықты сақлаӯ министрлиги ҳәм оның аймақлық басқарыӯ уйымлары хызметкерлерине тѳмендеги муғдарда кѳп жыллық ислегени ушын ҳәр айлық үстеме төленеди (хошаметлеӯ коэффициентин есапқа алған ҳалда лаӯазым ис ҳақысына қарата коэффициентлерде):
•    1 жылдан 3 жылға шекем– 0,3;
•    3 жылдан 5 жылға шекем– 0,6;
•    5 жылдан 10 жылга шекем– 0,8;
•    10 жылдан 15 жылға шекем– 1;
•    15 жылдан 20 жылға шекем– 1,2;
•    20 жылдан жоқары– 1,5.

4. МТО ҳәмде Кѳркем-ѳнер академия хызметкерлериниң айлықлары асырылады
МТО басқарыӯ хызметкерлери лаӯазым айлықларын анықлаӯда тариф  коэффициентлери 1,5 есе муғдарында қолланылады.
Өзбекстан Кѳркем-ѳнер академиясы орайлық аппараты хызметкерлериниң айлық ис ҳақысына 100 пайыз муғдарында айлық үстемелер белгиленеди.
5. Экспортбап аӯыл хожалығы ѳнимлерин жетистириӯ , таярлаӯ ҳәм қадақлаӯ менен шуғылланыӯшы исбилерменлерге ѳнимлерди сырт ел фитосанитария талапларына муӯапықластырыӯға әмелий жәрдем бериӯ ушын ѳсимликлер карантини мәмлекетлик инспекторлары бириктириледи.
Өз аймағында анықланған зыянлы организмлер ҳәмде фитосанитар дала қадағалаӯын ѳткериӯ ҳаққындағы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясына ықтыярий мүрәжат еткен ҳәм олардың ақыбетлерин сапластырған шахслар ҳәкимшилик жуӯапкершиликтен азат етиледи.
6. Бажыхана системасында жаңаша тәртип
Бажыхана системасында тѳмендегише тәртиплер орнатылады:

•    Бажыхана жүк декларациясын рәсмийлестириӯ ӯақты қәӯип дәрежесинен келип шығып, 3 суткадан 1 күнге шекем қысқартылады;
•    Бажыхана қадағалаӯының альтернатив түрлерин қоллаӯды кеңейтириӯ арқалы товарларды бажыхана менен бирге бақлап барыӯ жағдайлары қысқартырылады;
•    Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң қәӯиплерди басқарыӯ системасы  автомобиль шегара бажыхана постларында енгизиледи;
•    транспорт қуралларын ӯақтынша алып кириӯде  тасыӯшыға реал ӯақыт режиминде электрон формада қайта алып шығыӯ мүддети тамамланыӯынан алдын ӯақтынша алып кириӯ мүддетин узайтырыӯ ҳәм тийисли жыйымын тѳлеӯди әмелге асырыӯ имканияты усынылады;
•    “бажыхана аймағында қайта ислеӯ” бажыхана режиминде қайта ислеӯ ѳнимлериниң шығыӯ нормасын идентификациялаӯ ҳәм баҳалаӯ методикасы исбилерменлердиң ѳзи тәрепинен ислеп шығылады.
7. Мобил байланыс операторлары ушын жеңилликлер
Мобил байланыс операторларына радиоэлектрон қурылмалар, әсбап-үскенелер ҳәм басқа қурылмаларды Өзбекстанға алып кириӯ рухсатнамасын, сатып алыӯ, орнатыӯ, жойбарлаӯ ҳәм қурыӯ ушын рухсатнама алмастан, белгиленген тәртипте расмийлестириӯ ҳуқықы бериледи.

Барлық министрлик ҳәм кеңселер, жергиликли атқарыӯшы ҳәкимият уйымларында әмелдеги басшы орынбасарларынан бирине санластырыӯ бойынша орынбасар (Chief Digital Officer) ӯәкилликлери жүклетиледи.

8. Мәмлекетлик сатып алыӯлар системасында жергиликли ислеп шығарыӯшылар қатнасы кеңейтириледи
Мәмлекетлик сатып алыӯлар системасында жергиликли ислеп шығарыӯшылар қатнасын кеңейтириӯ мақсетинде:
•    устав фондында мәмлекетлик үлеси 50 пайыз ҳәм оннан артық болған  юридикалық шахслардың улыӯма баҳасы базалық есаплаӯ муғдарының  50 мың есесинен жоқары болған импорт товарлары сатып алыӯларының мақсетке муӯапықлығы ҳәр шеректе бақлаӯ кеңеслери тәрепинен мәжбүрий тәртипте кѳрип шығылады;
•    сырт елде ислеп шығарылған ѳз алдына товарлар, сондай-ақ, шет ел шахслар тәрепинен орынланатуғын жумыслардың мәмлекетлик сатып алыӯлардағы қатнасы ӯақтынша қадаған етиледи ҳәм шегараланады;
•    Мәмлекетлик сатып алыӯлардағы қатнасы ӯақтынша қадаған етилген ҳәм шегараланған, сырт елде ислеп шығарылған товарлар бойынша тендер (таңлаӯ) қатнасыӯшылары усынысларын баҳалаӯда жергиликли ислеп шығарылған товарларға қарата импорт товарларының CIP (Өзбекстан) баҳасынан 15 пайыздан көп болмаған муғдарда преференция бериледи.

Насиба Қутлымуратова,
Қарақалпақстан Республикасы
Әдиллик министрлиги жетекши мәсләҳәтшиси