Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

23

2020/2021-оқыӯ жылынан баслап студентлер тѳлем-контракт пулын 4 ке бѳлип тѳлеӯи мүмкин


2020/2021-оқыӯ жылынан баслап студентлер тѳлем-контракт пулын 4 ке бѳлип тѳлеӯи мүмкин

2020/2021-оқыӯ жылынан баслап жоқары оқыӯ орынларында тѳлем-контракт тийкарында оқып атырған студентлер ушын тѳлемлерди тең үлеслерде тѳрт бѳлип, тѳмендеги мүддетлерде әмелге асырылыӯы мүмкин.

  Атап айтқанда:

белгиленген тѳлем муғдарының кеминде 25 пайызын студентликке усынылған абитуриентлер ушын 15-сентябрьге шекем ямаса Өзбекстан Республикасы билимлендириӯ мәкемелерине оқыӯға қабыл етиӯ бойынша Мәмлекетлик комиссиясы тәрепинен белгиленген мүддетке шекем ҳәмде екинши ҳәм оннан кейинги басқыш студентлер ушын 1-октябрьге шекем ямаса жоқары оқыӯ орны ректоры (филиал директоры) тәрепинен узайтырылған мүддетке шекем;

белгиленген тѳлем муғдарының кеминде 50 пайызы 1-январьға шекем, 75 пайызы 1-апрельге шекем ҳәм  100 пайызы 1-июльге шекем ямаса жоқары оқыӯ орны ректоры (филиал директоры) тәрепинен узайтырылған мүддетке шекем;

шет ел пуқаралары ушын жоқары оқыӯ орны ректоры (филиал директоры) тәрепинен белгиленген мүддетлерге шекем;

Еселенген тѳлем-контракт тийкарында студетликке усынылған абитуриентлерге оқыӯ жылының биринши ярымы ушын тѳлемлерди әмелге асырыӯ мүддети ҳәм муғдарлары Өзбекстан Республикасы билимлендириӯ мәкемелерине оқыӯға қабыл етиӯ бойынша Мәмлекетлик комиссиясы тәрепинен ҳәм қалған бѳлими жоқары оқыӯ орны ректоры (филиал директоры) тәрепинен белгиленген мүддетлерге шекем әмелге асырылады.