Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

26

Нызамшылықтағы жаңалықлар


#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Пандемия дәўиринде медицина хызметкерлерин хошаметлеў тәртиби өзгерди

“Өзбекстан Республикасында коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў илажларына ажыратылып атырған қаржылардың нәтийжелилигин тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы Ҳүкимет қарары (583-сан, 24.09.2020-ж.) қабыл етилди.  

Қарарға муўапық, 2020-жыл 20-августтан:

Шыпакерлер, басқарыў ҳәм орта медицина хызметкерлери, провизор-фармацевт хызметкерлер, дизенфектор ҳәм киши  медицина хызметкерлери ҳәм басқа хызметкерлерге төленетуғын арнаўлы хошаметлеў төлемлери күнлик тәризде ислеў шәраятына өткерилген ҳалда ҳәр 30 күнлик дәўир ушын 8 сааттан кем болмаған ис жүклемесин есапқа алған ҳалда 1 айда бир мәрте төленеди;

арнаўлы хошаметлеў төлемлери төленетуғын медицина хызметкерлери ҳәм басқа хызметкерлердиң айлық лаўазым ис ҳақысына 6 пайыз муғдарында ҳәр күнлик қосымша төлем әмелге асырылмайды;

хызметкерлерге пул қаржылары банк карталарына өткериў арқалы әмелге асырылады.

  Қарар менен коронавирус инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиў илажларына тартылған медицина,санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы хызмети хызметкерлери ҳәм басқа хызметкерлерге 6 пайызлық күнлик қосымша төлем әмелге асырылатуғын лаўазымлар дизими ҳәм 6 пайызлық күнлик қосымша төлем орнына ҳәр айлық материаллық хошаметлеў төлемлери әмелге асырылатуғын лаўазымлар дизими тастыйықланды.

  Коронавирус инфекциясына қарсы гүресиў илажларына тартылган хызметкерлер ҳаққындағы мағлыўматлар, наўқасларды қабыл етиў ҳәм шығыў дәптери, товар-материаллық байлықлар ҳәрекетиниң ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде “Веmоr.ssv.uz (http://%D0%92%D0%B5m%D0%BEr.ssv.uz) (http://%D0%92%D0%B5m%D0%BEr.ssv.uz)” электрон қадағалаў дәстүри иске түсириледи.

Сондай-ақ, қарар менен арнаўлы хошаметлеў төлемлерин төлеў тәртиби бойынша реже тастыйықланды.