Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

29

Нызамшылықтағы жаңалықлар


#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Ҳәкимлердиң айырым функция ҳәм ӯәкилликлери бийкар етилди
«Бюрократиялық тосықлар еледе қысқартылыӯы ҳәмде мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлери искерлигине заманагөй басқарыӯ принциплери енгизилиӯи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиӯ ҳаққында»ғы Нызам (ЎРҚ-638, 28.09.2020-ж.) Президент тәрепинен имзаланды.

Нызам менен «Суӯ ҳәм суӯдан пайдаланыӯ ҳаққында»ғы Нызамға (https://lex.uz/docs/12328) киргизилген өзгерислерге көре, жергиликли атқарыӯшы ҳәкимият уйымларының төмендеги функция ҳәм ӯәкилликлери бийкар етилди:

искерлиги суӯлардың ҳәм суӯ объектлериниң жағдайына тәсир етиӯши кәрханалардың технология, тоғай-мелиорация ҳәм агротехника, гидротехника, санитария-техника илажларын өткериӯи ушын келисиӯ лазымлығы;

кәрханалар ҳәм шөлкемлерге төмендеги мәселелерде жазба көрсетпелер бериӯ:
• суӯ тасқынларының, суӯ басыӯы ҳәм тат басыӯының;
• суў жағасы, қорғаныӯ дамбалары ҳәм басқа сооружениелер бузылып кетиӯиниң;
• жерлердиң ылайланыӯы ҳәм шорланыӯының;
• топырақ эрозиясының, жарлар, опырылыӯлар жүзеге келиӯиниң, сел ағымларының ҳәм суӯлар жеткеретуғын басқа зыянлы тәсирдиң алдын алыӯ ҳәмде оны сапластырыӯ бойынша илажларды әмелге асырыӯ.

халықтың ишимлик, турмыслық ҳәм басқа мүтәжликлери ушын мөлшерленген суӯ алыӯ сооружениелеринен пайдаланыӯ ҳаққында қарар қабыл етиӯ.

Сондай-ақ, жергиликли атқарыӯшы ҳәкимият уйымларының төмендеги ӯәкилликлери шығарылды:

Ҳәкимшилик жуӯапкершилик ҳаққындағы кодекске киргизилген өзгерис пенен ҳәкимлердиң ҳәкимшилик жуӯапкершиликке тартыӯ нәзерде тутылған қарарлар қабыл етиӯ ҳәм ҳәкимшилик жуӯапкершиликке себеп болатуғын айырым қағыйдаларды белгилеӯ ӯәкиллиги;
«Атмосфера ҳаӯасын қорғаӯ ҳаққында»ғы Нызамға киргизилген өзгериске муўапық, ҳәкимлердиң атмосфера ҳаӯасына патасландырыӯшы затлар шығарылыӯының жол қойылатуғын нормативлерин бузыӯ менен байланыслы болған искерликти шеклеӯ, тоқтатып турыӯ ҳәм сапластырыӯ мәселесинде қарар қабыл етиӯ ӯәкиллиги;
«Өсимлик дүньясын қорғаӯ ҳәм оннан пайдаланыӯ ҳаққында»ғы Нызамға киргизилген өзгерислерге көре, жабайы ҳалда өсиӯши өсимликлерди шарӯашылық мүтәжликлери ушын таярлаӯ ушын руқсатнама бериӯ ӯәкиллиги;
«Тоғай ҳаққында»ғы Нызамға киргизилген өзгерислерге көре, тоғайлардың жағдайына зыян жеткерилген жағдайларда шөлкемлер искерлигин шеклеӯ, тоқтатып турыӯ ҳәм тамамлаӯ бойынша қарар қабыл етиӯ ӯәкиллиги.

Усы Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.