Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

30

Нызамшылықтағы жаңалықлар


#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

1-октябрдан алкоголь өнимлери баҳасы көтериледи

«Алкоголь өнимлери ушын ең кем көтере-сатыӯ ҳәм усақлап сатыӯ баҳаларға өзгерислер киргизиӯ ҳаққында»ғы қарар Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен мәмлекетлик дизиминен өткерилди (дизим саны 3188-1, 29.09.2020 ж).

Ҳүжжетке муӯапық, төмендеги баҳалар белгиленди:

виноның 1 литр таяр өними ушын:

• ислеп шығарыӯшы кәрханалардың ең кем көтере-сатыӯ баҳасы – 9 400 сум (алдын 8 600 сум);
• ең кем усақлап сатыӯ баҳасы – 11 200 сум (алдын 10 200 сум).

коньяктың 1 литр таяр өними ушын:

• ислеп шығарыӯшы кәрханалардың ең кем көтере-сатыӯ баҳасы – 33 00 сум (алдын 31 000 сум);
•  ең кем усақлап сатыӯ баҳасы – 39 000 сум (алдын 36 600 сум).

арақ ҳәм басқа алкоголли өнимлердиң 1 литр таяр өними ушын:

•  ислеп шығарыӯшы кәрханалардың ең кем көтере-сатыӯ баҳасы – 24 000 сум (алдын 22 000 сум);
•  ең кем усақлап сатыӯ баҳасы – 28 500 сум (алдын 26 000 сум).

Усы қарар 2020-жыл 1-октябрден күшке киреди.