Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

01

Нызамшылықтағы жаңалықлар


Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Өзбекстан пуқаралығына қабыл етиӯде мәмлекетлик тил бойынша имтиханнан өткериледи

Ҳүкимет қарары менен (592-сан, 28.09.2020-ж.) Өзбекстан Республикасының пуқаралығына қабыл етиӯде шет ел пуқарасы ямаса пуқаралығы болмаған шахс тәрепинен мәмлекетлик тилды билиӯ дәрежесин анықлаӯ тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Режеге муӯапық, Өзбекстан пуқаралығына қабыл етиӯде талапкерлердиң мәмлекетлик тилды билиӯ дәрежесин анықлаӯ Мәмлекетлик тилде ис жүргизиӯ тийкарларын оқытыӯ ҳәм маманлығын асырыӯ орайы (Орай) ҳәмде оның аймақлық бөлимлери тәрепинен төлем тийкарында әмелге асырылады.

  Мәмлекетлик тил бойынша имтихан талапкердиң турақлы жасаӯ ямаса ӯақытынша турақ жайы бойынша Орай ямаса оның аймақлық бөлимлеринде өткериледи.

Буның ушын талапкер сынаӯ имтиханында қатнасыӯ ушын арза менен Орай ямаса оның аймақлық бөлимлерине жеке өзи ямаса электрон формада мүрәжат етеди.

Соған көре, сынаӯ имтиханы ҳүжжетлер усынылғаннан сон 1 ай мүддетте тест, жазба ямаса аӯызеки формада өткериледи.

Сынаӯ имтиханы жуӯмақлары бойынша ең жоқары баллдың 50 проценти (50 балл)дан кем балл алған талапкерлер сынаӯ имтиханынан өтпеген есапланады ҳәмде сынаӯ имтиханы өткерилген күннен баслап кеминде 1 айдан кейин қайта қатнасыӯ ушын арза менен мүрәжат етеди (қайта төлеӯди әмелге асырған ҳалда).

Сынаӯ имтиханлары нәтийжелери 3 күн мүддетте жәрияланады.

Сынаӯ имтиханын тапсырыӯ ушын базалық есаплаӯ муғдарының 20 проценти муғдарында (44 600 сум) төлем төленеди.

Сынаӯ имтиханларынан табыслы өткен талапкерлерге мәмлекетлик тилди билиӯ ҳаққындағы маманлық сертификаты бериледи ҳам ол мүддетсиз әмелге етеди.