Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

02

Нызамшылықтағы жаңалықлар


Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Ендигиден былай жерлерди екилемши ижәраға бериӯ мүмкин

«Аӯыл хожалығы ушын мөлшерленген жерлерден ҳәм тоғай фонды жерлеринен пайдаланыӯ нәтийжелилигин асырыӯ мақсетинде Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиӯ ҳаққында»ғы Нызам Президент тәрепинен имзаланды (639-санлы Нызам, 29.09.2020-ж).

Нызамға муўапық, Жер кодексине киргизилген өзгерислерге көре, аӯыл хожалығына мөлшерленген жерлерди екилемши ижәраға бериӯ мүмкин.

Бунда, усы тайпадағы жерлер 1 жылға шекем мүддетке екилемши ижәраға бериледи.

Инвестиция шәртнамасы ямаса мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарында ижәраға берилген аӯыл хожалығына мөлшерленген ямаса тоғай фонды жерлерин екилемши ижәраға бериӯ тәреплердиң келисимине көре, бирақ жер участкасын ижәраға бериӯ шәртнамасы мүддетинен артық болыӯы мүмкин емес.

Жер участкасын екилемши ижәраға бериӯ шәртнамасы мәмлекетлик дизимнен өткерилиӯи лазым.

Жер участкасын ижәраға бериӯ шәртнамасының мүддетинен алдын бийкар етилиӯи екилемши ижәра шәртнамасының да бийкар етилиӯине себеп болады (шәртнамада басқаша қағыйда нәзерде тутылмаған болса).

Жер участкасын екилемши ижәраға бериӯ шәртнамасын мүддетинен алдын бийкар етиӯ тәреплердиң келисимине көре, бундай келисимге келмеген жағдайда болса суд қарарына көре әмелге асырылады.

Екилемши ижәраға берилген аӯыл хожалығына мөлшерленген жер участкасы алды-сатты, гиреӯ, саӯға, алмастырыӯ объекти болыӯы мүмкин емес.

«Фермер хожалығы ҳаққында»ғы Нызамға киргизилген өзгерислерге көре, фермер хожалығына берилген жер участкалары аӯыл хожалық егинлерин аралық егиӯ ушын 1 жылға шекем болған мүддетке екилемши ижәраға берилиӯи мүмкин.

«Дийқан хожалығы ҳаққында»ғы Нызамға киргизилген өзгерислерге көре, дийхан хожалықлары өзине мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиӯге берилген жер участкаларын ямаса оның бир бөлегин аӯыл хожалығы өнимин жетистириӯ мақсетинде ӯақытынша пайдаланыӯға бериӯи мүмкин.

Бунда, жер участкасынан ӯақытыншалық пайдаланыӯ тәртиби тәреплердиң келисими тийкарында белгиленеди.

◽️ Усы Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.