Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

03

Билесиз бе?


Төмендеги напақа ҳәм материаллық жәрдем ҳәр бир шаңарақ ағзасына орташа айлық жәми жәрамат муғдары мийнетке хақ төлеӯдиң ең кем муғдарының 52,7 процентинен (358 007 сумнан) артық болмаған шаңарақларға тайынланады (https://lex.uz/docs/2134701#2134736):

14 жасқа шекем балалары болған шаңарақларға напақа:
•  1 балалы шаңараққа – 131 000 сум;
•  2 балалы шаңараққа – 217 000 сум;
•  3 ҳәм оннан артық балалы шаңараққа – 304 000 сум;

2 жасқа толғанға шекем бала күтими бойынша напақа – 434 000 сум;

кем тәмийинленген шаңарақларға материаллық жәрдем – 326 000 сумнан  653 000 сумға шекем.
Шаңарақ ағзасына туӯры келетуғын орташа айлық жәми дәрамат, напақа ямаса материаллық жәрдем алыӯ ушын мүрәжат етилген айдан алдынғы ақырғы 3 ай ушын есаплап шығылған шаңарақтың мийнетке жарамлы ҳәр бир ағзасының орташа айлық дәраматы суммасын шаңарақ қурамына киргизилетуғын шаңарақ ағзалары санына бөлинген ҳалда анықланады.
Напақа ҳәм материаллық жардем арза бериӯшиниң өзин-өзи басқарыӯ органына мүрәжат еткен айдың кейинги айынан баслап төленеди.