Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

22

Нызамшылықтағы_жаңалықлар


Сырт ел кинокомпанияларға республика аймағында әмелге асырған қәрежетлериниң бир бөлеги қайтарылады
Ҳүкимет қарары менен Өзбекстан Республикасы аймағында өз фильмлерин жаратыўда сырт ел кинокомпанияларға қәрежетлериниң бир бөлегин қайтарыў (“rebate”) тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды (568-сан, 19.09.2020-ж).
Режеге көре, сырт ел кинокомпанияларға республика аймағында әмелге асырған қәрежетлериниң 20 проценти (бирақ 300 мың АҚШ долларынан аспаған муғдарда) Мәмлекет бюджети қаржылары есабынан қайтарылады.
Бунда, сырт ел кинокомпания республика аймағында фильмлерин сүўретке алыў ушын «Ўзбеккино» Миллий агентлигинен руқсатнама алады ҳәмде бирге ислесиў бойынша Меморандум имзаланады.
Сырт ел кинокомпания республика аймағында фильмлерди сүўретке алыў ушын Өзбекстандағы коммерциялық банклерде арнаўлы есап бети ашады ҳәм қәрежетлерди сол арқалы әмелге асырады.
Руқсатнама мүддети жуўмақланғаннан соң фильмлерди сүўретке алыў жумыслары тамамланған есапланады.
Қәрежетлерди қайтарыў ушын тийисли ҳүжетлер Финанс министрлигине усынылады ҳәм министрлик тәрепинен 10 күн мүддетте қарар қабыл етиледи.
Агентлик сырт ел кинокомпанияларға қәрежетлер бөлегин қайтарыўды муўапықластырыўшы жуўапкер мәмлекетлик уйымы есапланады.
Мәмлекетлик бюджетинен қаржы ажыратылған сырт ел кинокомпаниялар дизими Агентлик веб-сайтына жайластырылады.

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими