Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

21

Сораған_едиңиз


“Ыссы суў” ыссы болмаса...

Биз көп квартиралы үйде турамыз. Күнлер салқынласыўы менен ыссы суў температурасы төменлеп қалады. Краннан ағып атырған ыссы суў температурасы өзи қанша болыўы керек? Бул ҳаққында мағлыўмат берсеңиз.
Нызамшылыққа (https://lex.uz/docs/2430765#2431439) муўапық, көп квартиралы үйлерде орайлық системалар арқалы ыссы суў менен тәмийинлеўде ыссы суў температурасы суў алыў ноқатында 50-75°С болыўы лазым.
Бунда нормадан шетке шығыўларда ҳәр бир –3°С ушын төлем муғдары 0,1 процентке кемейтириледи.
Суў алыў ноқатында температура 40°С ден төмен болғанда, пайдаланған суў ушын төлем суўық суў тарифи бойынша әмелге асырылады.

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими