Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

14

Нызамшылықтағы_жаңалықлар


«Олимпия резервлери колледжлери искерлигин шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы Ҳүкимет қарары (480-сан, 12.08.2020-ж.) қабыл етилди.

Қарарға муўапық, Дене тәрбия ҳәм спорт министрлиги системасындағы қәнигелестирилген олимпия резервлери мектеп-интернатлары негизинде олимпия резервлери колледжлери шөлкемлестириледи.
Усы колледжлер искерлиги 2020/2021-оқыў жылынан баслап жолға қойылады.
Қарарға көре, усы колледжлерде билимлендириў процесси еки басқышта: улыўма орта билимлендириў (VII-XI класслар) ҳәмде орта профессионал билимлендириў (XI класстан кейинги бир жыллық билимлендириў) басқышларында әмелге асырылады.
Сондай-ақ, усы колледжлерде 2020/2021-оқыў жылынан футбол бөлимлери шөлкемлестириледи ҳәм оларда футбол бойынша қәнигелер (спортшылардан тысқары) таярланады.
Қарар менен Олимпия резервлери колледжине оқыўшылар қабыл етиў, аттестациядан өткериў ҳәм олардың оқыўын көшириў тәртиби ҳаққында реже тастыйықланды.
Режеге көре, оқыўшылар колледжге 7-класстан таңлаў тийкарында қабыл етиледи.
Таңлаў кәсиплик (көркемлик) имтиханлар тийкарында еки басқышта: улыўма ҳәм арнаўлы дене тәрбия таярлық дәрежесин анықлаў мақсетинде әмелге асырылады.
Колледж питкериўшилерине орта профессионал билимлендириў басқышын тамамлағанлығы ҳаққында берилетуғын диплом келешекте мийнет искерлигин әмелге асырыў ҳуқықын береди.

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими