Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

12

Мәмлекетимизде жол ҳәрекети қағыйдаларын бузған шет ел автотранспорт қуралларын басқарыўшыларынан жәриймаларды ѳндириў тәртиби енгизилди


Усы жылдыӊ 5-август куни Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ «Жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел етилиўин тәмийинлеў бойынша қосымша ис-илажлары ҳаққында»ғы 463-санлы қарары қабыл етилди.
Усы қарар менен:
Ѳзбекстан Республикасы аймағында жол ҳәрекети қағыйдаларын бузған шет ел автотранспорт қуралларын басқарыўшылары ямаса басқа шахслардан тийисли жәриймаларды усы автотранспорт қураллары республика аймағынан алып шығылып атырылғанында бажыхана уйымлары тәрепинен ишки ислер уйымлары «онлайн» режимде усынған мағлыўматлар тийкарында ѳндириў механизми енгизилди. Бунда:
Ѳзбекстан Республикасында аккредитациядан ѳткен шет еллер дипломатиялық ўәкилликханалары ҳәм консуллық мәкемелериниӊ, сондай-ақ, оларға теӊлестирилген шѳлкемлердиӊ автотранспорт қуралларына;
Ѳзбекстан Республикасы аймағына ўақтынша кирген ямаса транзит ҳәрекетлениўинде болған шет ел рәсмий делегациялар автотранспорт қуралларына енгизилмейди.
Усы қарар менен:
Ѳзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитетине республика аймағына жол ҳәрекети қағыйдалары бузылғанлығы ушын тѳленбеген жәриймаларды автотранспорт қураллары республика аймағынан алып шығылып атырылғанында ѳндириў, жәрийма тѳленбеген болса, жәрийма суммасы толық ѳндирилгенге шекем автотранспорт қуралларын ишки ислер уйымлары менен биргеликте Ѳзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексининг 291-статьясында белгиленген тәртипте ўақтынша сақлаўға алыў ҳуқықы бериледи.
Ѳзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитети Ишки ислер министрлиги менен биргеликте Ѳзбекстан Республикасы аймағында ўақтынша болып турған ҳәмде республика аймағы бойлап транзит ҳәрекетленип атырылған шет ел автотранспорт қураллары бажыхана шегерасын кесип ѳтиўинде, олардыӊ республика аймағында жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғанлығын реаль ўақыт режиминде анықлаў мақсетинде Ишки ислер министрлигиниӊ арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видеофиксация мағлыўматлар базасын бир ай мүддетте Мәмлекетлик бажыхана комитетиниӊ мағлыўматлар базасы менен интеграцияластырылады.

Елликқала районы әдиллик бѳлими бас мәсләҳәтшиси
Н.Н.Тайров