Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

11

Халыққа мәмлекетлик социаллық хызметлери ҳәм жәрдем усыныўдыӊ процедураларын автоматластырыў бойынша тәртиби енгизилмекте


2020-жылдыӊ 4-август куни Ѳзбекстан Республикасы Президентиниӊ «Халыққа мәмлекетлик социаллық хызметлери ҳәм жәрдем усыныўдыӊ процедураларын автоматластырыў бойынша қосымша ис-илажлары ҳаққында»ғы 4797-санлы қарары қабыл етилди.
Усы қарар менен:
2020-жылдыӊ 1-сентябринен баслап, социаллық напақаларды тайынлаў ҳаққындағы арзаларды кѳрип шығыў ҳәм оларды тайынлаў процедуралары басқышпа-басқыш «Социаллық қорғаўдыӊ жекке реестри» мәлимлеме системасы қуралында әмелге асырылады;
«Социаллық қорғаўдыӊ жекке реестри» мәлимлеме системасы «Электрон ҳүкимет» системасыныӊ қурамлы бѳлеги болып есапланады;
физикалық шахстыӊ жеке идентификация саны «Социаллық қорғаўдыӊ жекке реестри» мәлимлеме системасында физикалық шахстыӊ идентификаторы болып есапланады;
Мәмлекетлик социаллық хызметлери ямаса жәрдемин усыныў шеӊберинде мәмлекетлик уйымлары ҳәм шѳлкемлердиӊ мәкемелер аралық электрон түрде бирге ислесиўи «Электрон ҳүкимет» системасы мәкемелер аралық интерграциялық платформасы арқалы әмелге асырылады.
«Социаллық қорғаўдыӊ жекке реестри» мәлимлеме системасын енгизиўдиӊ тийкарғы мақсетлери етип тѳмендегилер:
мәкемелер аралық электрон түрде бирге ислесиўди қоллаў қуралында ѳз-ара ҳүжжет алмасыў процесин автоматластырыў арқалы мәмлекетлик социаллық хызметлерин ҳәм жәрдемин усыныў ушын зәрүр болған мағлыўматнама ҳәм тастыйықлаўшы ҳүжжетлер санын түптен қысқарттырыў;
белгиленген критерияларға муўапық кем тәмийинленген шаӊарақлардыӊ мүтәжлик дәрежесин обектив түрде баҳалаў, мәмлекетлик социаллық хызметлери ҳәм жәрдемин усыныў процесслерин автоматластырыў арқалы қарарларды қабыл етиўде субъектив усылларын сапластырыў;
халықтыӊ мүтәжлиги болған категориясы қурамыныӊ ѳзгериў динамикасыныӊ мониторинги ҳәм анализин жүргизиў, оларды баҳалаў критерияларын республика ҳәм аймақлардыӊ социаллық-экономикалық раўажланыўын есапқа алып жетилистириў;
мәмлекетлик социаллық хызметлери ҳәм социаллық жәрдем алыўшылардыӊ мудамы жаӊаланып туратуғын жекке мағлыўмат базасын қәлиплестириў;
мәптар министрлик, мәкемелер ҳәм шѳлкемлердиӊ ѳзлерине жүклетилген ўазыйпа ҳәм функцияларды орынлаўда хызметлерди мут ямаса жеӊилликли тийкарда усыныўы ушын мағлыўмат менен тәмийинлеў белгиленди.
Усы қарарға муўапық:
2021-жыл 1-январдан баслап мәмлекетлик социаллық хызметлери ҳәм жәрдемин усыныўда мәмлекетлик уйымлары ҳәм шѳлкемлери тәрепинен қарарда нәзерде тутылған ҳүжжетлер ҳәм мағлыўматлар пуқаралардан талап етилиўине жол қойылмайды;
«Социаллық қорғаўдыӊ жекке реестри» мәлимлеме системасы арқалы белгиленген тәртипте кем тәмийинленген деп тән алынған шахслар ямаса шаӊарақлар қосымша ҳүжжетлер ҳәм мағлыўматнамаларды усынбастан усы қарарға муўапық хызметлер ҳәм жеӊилликлерди де алыўға ҳақылы болып есапланады;
«Социаллық қорғаўдыӊ жекке реестри» мәлимлеме системасы арқалы кем тәмийинленген деп тән алынғанлығы ҳаққындағы мағлыўматнама жекке интерактив мәмлекетлик хызметлери порталы арқалы усынылады ҳәм он еки ай даўамында әмел етеди.

Елликқала районы әдиллик бѳлими бас мәсләҳәтшиси
Н.Н.Тайров