Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

11

Өзбекстанда медиация институты жетилистирилмекте


                                                                                Өзбекстанда медиация институты жетилистирилмекте

Өзбекстан Республикасында 2018-жыл 3-июль күни «Медиация ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилди ҳәмде 2019-жылдың 1-январь күни нызамлы күшине кирди.
Медиация бул келип шыққан тартысларды өз-ара мақул шешимге жетисиў мақсетинде тәреплердиң ықтиярий келисимине тийкар медиатор жәрдеминде шешиў усылы есапланады. Ал медиатор бул тәреплердиң тартысын шешиў мақсетинде медиацияны әмелге асырыўшы шахс ҳәм өз нәўбетинде медиатив келисимди имзалайды.
Медиация тийкарынан пуқаралық, исбилерменлик, жеке мийнет ҳәм шаңарақлық-ҳуқықый мүнәсибетлерден келип шығатуғын қатнасықларға қарата қолланылады.
Медиаторлар өзлериниң искерлигин профессионал ҳәмде профессионал болмаған тәртипте әмелге асырады.
Профессионал медиаторлар - Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен тастыйықланған медиация тараўларында қәнигелерди таярлаў ҳәм маманлығын асырыў бойынша 72 сааттан көп болмаған оқыў курслары тийкарында әмелге асырылады ҳәм оларды табыслы жуўмақлаған тыңлаўшыларға сертификат бериледи ҳәмде курс питкериўшилери Профессионал медиаторлар реестрине киргизиледи. Атап айтқанда, медиатордың искерлиги исбилерменлик болып есапланбайды.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 17-июнь күнги «Тартысларды альтернатив шешиўдиң механизмлерин буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4754-санлы Қарарына муўапық, профессионал медиаторлардың өз-ара бирлесиўине тийкарларған Медиация орайы шөлкемлестирилиўи ҳәмде усы орай мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем сыпатында шөлкемлестиретуғыны ҳәм жумыс ислеўи мүмкин екенлиги белгилен.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары менен, Ташкент юридика университети ҳәмде Юристлер маманлығын асырыў орайы шөлкемлестириўиндеги Ташкент медиация орайы шөлкемлестирилиўи режелестирилген.
Мәселен, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Ташкент қаласы ҳәкимлиги менен биргеликте Ташкент қаласында: усы жылдың 1-июль сәнесинен баслап эксперимент ретинде барлық мәмлекетлик хызметлер орайлары имәратларында тартысыўшы тәреплерге медиатор хызметинен пайдаланыў ушын өз алдына ханалар ажыратылды.
Жоқарыда айтып өтилген эксперименттиң унамлы нәтийжелери тийкарында 2021-жыл 1-апрельге шекем усы әмелият Өзбекстан Республикасы бойынша барлық мәмлекетлик хызметлер орайлары имәратларында енгизиледи.
Соның менен бир қатарда, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң 2020-жыл 1-августтан баслап эксперимент сыпатында:
Мәмлекетлик бажыхана комитети, Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети, Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қоры және Наманган, Бухара ҳәм Ташкент ўәлаятларының ҳәкимликлери жанында физикалық ҳәм юридикалық тәреплер менен мәмлекетлик уйымлар арасындағы тартысларды судқа шекем шешиў бойынша апелляция кеңеслерин  (кейинги орынларда – Апелляция кеңеси) шөлкемлестириў ҳаққындағы;
физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мәмлекетлик уйымлар ямаса лаўазымлы шахслардың нызамсыз ис-ҳәрекетлери (қарарлары) ямаса ҳәрекетсизлиги нәтийжесинде өз ҳуқықлары ҳәм еркинликлери және нызам менен қорғалатуғын мәплери бузылғанлығы ҳаққындағы мүрәжатлары Апелляция кеңеси тәрепинен көрип шығылыў тәртибин орнатыў ҳаққындағы усынысларына келисим берилди.
Төмендегилер Апелляция кеңесиниң тийкарғы ўазыйпалары есапланады:
физикалық ҳәм юридикалық тәреплер және мәмлекетлик уйым арасында жүзеге келетуғын тартысларды судқа шекем көрип шығыў ҳәм шешим қабыл етиў арқалы оларды шешиў илажларын көриў;
мүрәжатты көрип шығыўда нызам ҳүжжетинде ҳәр қыйлы талқыланыўы мүмкин болған нормалар анықланған, ол әмелиятта надурыс ямаса қарама-қарсы түрде қолланылған жағдайда, оларды белгиленген тәртипте рәсмий түсиндириўди шөлкемлестириў бойынша илажларды көриў;
мүрәжатты көрип шығыўда анықланған нызам ҳүжжетлериндеги бослықларды сапластырыў бойынша усынысларды киргизиў.
Солай етип мәмлекетимизде алып барылып атырған реформалар тийкарында медиация институтының басқышпа-басқыш раўажланылыўы, физикалық ҳәмде юридикалық шахслардың даў-тартысларын судқа шекем халыс, ҳәр тәреплеме ҳәмде сапалы көрилип шығылыўына, тәреплерге өз-ара келесетуғын мақул бир шешимге келиў имканын беретуғын тәсирли ҳуқыкый инструментлериниң бири деп айтсақ адаспаған боламыз.

Қарақалпақстан Республикасы Ҳуқықый хызмет
көрсетиўди мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў
бөлими жетекши мәсләҳәтшиси Шахсанем Салиева