Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

11

Шахсқа байланыслы мағлыўматлар базаларының мәмлекетлик реестрин жүргизиў бойынша мәлимлеме системасы жаратылады.


Шахсқа байланыслы мағлыўматлар базаларының мәмлекетлик реестрин жүргизиў бойынша мәлимлеме системасы жаратылады.

Ҳүкимет қарары (71-сан, 08.02.2020-ж.) менен Шахсқа байланыслы мағлыўматлар базаларының мәмлекетлик реестри ҳаққындағы реже тастыйықланды.
Қарарға муўапық, Шахсқа байланыслы мағлыўматлар базаларының мәмлекетлик реестрин жүргизиў бойынша мәлимлеме системасы жаратылып, Интернет тармағында иске түсириледи.
Шахсқа байланыслы мағлыўматлар – арнаўлы физикалық шахсқа байланыслы болған ямаса оны
идентификация қылыў имканиятын беретуғын, электрон тәризде, қағазда ҳәм (ямаса) басқа материаллық затта (жисм) дизимге алынған мәлимлеме.
Қарар менен тастыйықланған режеге көре, шахсқа байланыслы мағлыўматлар базалары мүлкдар (усы мағлыўматлар базасына ийелик етиў, пайдаланыў, ийелик етиў ҳуқықына ийе мәмлекетлик органы, физикалық ҳәм (ямаса) юридикалық шахс) ҳәм (ямаса) оператор (усы мағлыўматларға ислеў бериўши) тәрепинен мәмлекетлик реестринде дизимнен өткерилиўи лазым (тысқары (истисно) жағдайлар бар).
Шахсқа байланыслы мағлыўматлар базасын мәмлекетлик реестринде дизимнен өткериў, алдын киргизилген мағлыўматларға өзгерис киргизиў ҳәмде мәмлекетлик реестринен шығарыўда төлем өндирилмейди.
Мәмлекетлик персоналластрыў орайы мәмлекетлик реестрин қәлиплестиреди, жүргизеди ҳәм ондағы мәлимлемениң бирден бирлигин тәмийинлейди.
Мәмлекетлик реестри мағлыўматлары физикалық ҳәм юридикалық шахслардың олар менен танысыўы ушын ашық есапланады.

Азат Бегжанов      министрлик хызметкери