Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

14

“Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Нызамнан хабардарсыз ба?


“Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Нызамнан хабардарсыз ба?
2020-жыл 6-январь күни Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бажы ҳаққындағы Нызамы қабыл етилди.
Нызамға муўапық, мәмлекетлик бажы юридикалық әҳмийетли ҳәрекетлерди әмелге асырғанлығы ҳәм (ямаса) бундай ҳәрекетлер ушын ўәкилликли шахслар тәрепинен ҳүжжетлер бергенлиги ушын өндирилетуғын мәжбүрий төлемлер болып есапланады.
Сондай-ақ, Консуллық жыйымы ҳәм патент бажы да  мәмлекетлик бажы есапланады.
Нызамға көре, ўәкилликли мәкемлерге ҳәм (ямаса) лаўазымлы шахсларға мүрәжат етип атырған ҳәм өзине қарата юридикалық әҳмийетке ийе ҳәрекет ҳәм (ямаса) ҳүжжетлер бериў әмелге асырылатуғын юридикалық ҳәм физикалық шахслар мәмлекетлик бажыны төлеўшилери болып есапланады.
Соныӊ менен бирге, Нызамда мәмлекетлик бажыны өндириў объектлери ҳәмде мәмлекетлик бажы ставкаларының муғдарлары белгиленди.
“Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Нызам менен мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилетуғын физикалық ҳәм юридикалық шахслардың қатаң дизими белгилеп берилди.
Атап айтқанда, пуқаралық ислери бойынша судларда даўагерлер ис ҳақысын өндириў ҳаққындағы даўалар, алиментлер өндириў ҳаққындағы даўалар бойынша мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етиледи.
Мәмлекетлик бажының дурыс есаплап шығарылыўы, толық өндирилиўи ҳәм Мәмлекетлик бюджетине өз ўақтында өткерилиўи үстинен қадағалаў мәмлекетлик салық органлары тәрепинен әмелге асырылыўы белгилеп қойылды.
Соныда атап өтиў керек Мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын өндирилетуғын мәмлекетлик бажы ставкалары:
республика, ўәлаятлар аралық мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ушын  - БЕМның 4 есесинен 3 есесине шекем;
ўәлаят мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери ушын – БЕМның 2 есесинен 1 есесине шекем кемейтиледи.
Соның менен бирге, пуқаралық ислери бойынша судларда, экономикалық судларда ҳәм ҳәкимшилик судларда, нотариал ҳәрекетлер әмелге асырылғанда, пуқаралық ҳалаты актлерин дизимге алыўда, Өзбекстан Республикасы пуқарасы биометрикалық паспорт рәсмийлестириў ҳәм бериўде, соның ишинде сырт елге шығыў ушын биометрикалық паспорт рәсмийлестириў ҳәм бериўде, консуллық жыйымын төлеўде мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етиў тәртиби ҳәм азат етилетуғын шахслар дизими белгиленди.

Тахтакөпир районы
әдиллик бөлими баслығы                       Н.Калимбетов