Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

17

«Телефонды қалдырып кириң» - бул талап нызамлы(ма) ?


Айырым пуқаралар белгили бир кәрхана ҳәм шөлкемлерге мобил телефонларын алып кириўге қадаған етилгенине қарсылық билдиргенин ушратып турамыз.
Бул мәселе бойынша Әдиллик министрлиги төмендеги ҳуқықый түсиниклерди жәриялайды.
Бириншиден, мәлим жағдайларда туўрыдан-туўры нызам ҳүжжети менен базы мәмлекетлик органларының имаратына мобил телефонларды алып кириў ямаса оннан пайдаланыў шекленген.
Соның ишинде, суд имаратлары, суд процесслери ҳәм олар қатнасыўшыларының қәўипсизликти тәмийинлеў тәртиби ҳаққындағы қолланбаға (дизим номери 2981, 2018-жыл 15-март) тийкар суд имаратына мобиль телефон, фото ҳәм видео дизимге алыў қуралларын суд мәжлисинде басшылық етиўшиниң рухсатысыз алып кириў қадаған етиледи.
Бирақ айрым тайпадағы шахслар бар оларға мәмлекетлик шөлкемлер имаратына кириў ушын шеклеў белгиленбеген. Мәселен, адвокат өз профессионал искерлигин әмелге асырыўы ушын процессуал нормаларға қатаң бойсынған ҳалда суд имаратына компьютер мобиль ҳәм басқа байланыс қуралларын тосқынлықсыз алып кириў ҳуқықына ийе.
Екиншиден, нызам ҳүжжетлерине муўапық мәмлекетлик органы ямаса шөлкеми объект ишки режимин өзи ғәрезсиз белгилеў ҳуқықына ийе. Мәселен, Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 3-июлдағы 555-сан қарарына тийкар объект ҳәкимшилиги кирип-шығыў қолланбасын өзи тастыйықлайды. Соған көре, айрым мәмлекетлик шөлкемлери имаратына кириў ушын мобиль телефон алып кириў менен байланыслы шеклеў белгиленген болыўы мүмкин.
Мәмлекетлик органлары ҳәм шөлкемлери жайласқан имаратларға жеке мобиль телефонларын алып кириў ишки ҳәм хабар қәўипсизликти тәмийинлеў, ис жүритиўдеги жәрияланбайтуғын мағлыўматлардың пүтинлигин сақлаў мақсетлеринде шеклениўи мүмкин.
Мәмлекет шөлкемлеринде ислеўши хызметкерлердиң хабар қәўипсизлигин сақлаў менен байланыслы мәжбүриятлары лаўазым қолланбалары ҳәм сол сыяқлы басқа лаўазым ўазыйпаларын белгилеўши ҳүжжетлерде көрсетип өтиледи. Сол себепли шөлкемлер өз хабар қәўипсизлиги сиясатынан келип шығып тек ғана сырттан келиўшилер емес, бәлки өз хызметкерлеринеда жумысда мобил байланыс қуралынан пайдаланыўға рухсат бериў ҳәм керисинше қадаған етиў ҳуқықына ийе.
Үшиншиден, социаллық мәселелер, соның ишинде мектеплер, емлеўханалар, санаторийларда ҳәм жеке мобиль телефонларды алып кириў шеклениўи мүмкин. Буннан көзленген мақсет билимлендириў сапасын тәмийинлеў, билим алыўшылар ямаса наўқаслардың тынышлығын асраў, олардың қәўипсизлигин тәмийинлеў.
Халық улыўма пайдаланыўға мөлшерленген имаратларда (китапханалар, поездлер, театр, кинотеатр ҳәм т.б) телефонын алып кириўге емес, бәлки оннан пайдаланыўы менен байланыслы шеклеўлер ҳәм басқа пуқараларға кесент етпеўлик көз қарасынан белгилениўи мүмкин.
Өмирлик усы мысаллар ҳәр түрли болыўы мүмкин, ҳуқықый көз қарастан болса бирдей қатнасықларды тәртипке салады ҳәм шөлкемниң усы ўәкилликлерине ийе екенлигиниң тастыйығы.
Нызамшылықта ҳәмме жағдайларды алдыннан анықлап, барлық шеклеўлерди белгилеўде қаншели мақсаетке муўапық деген сораўда соған байланыслы, себеби олардың түрлери көп ҳәм өзгерип турады. Соның ушында усы мәселени шешиў тийкарынан (айырым жағдайлардан тысқары) ҳәр бир шөлкемниң өзине берилген.
Төрттиншиден, мәмлекетлик органлары ҳәм шөлкемлериниң имаратына келген шахслар менен усы мәмлекет шөлкемлери ортасындағы мүнәсибетлери ғалабалық-ҳуқықый (ҳәкимшилик) қатнасықлар есапланады.
Бул жерде гәп пуқараның мүлкинде емес, бәлким оның мәмлекетлик шөлкемине келгени ҳәм белгиленген ишки тәртип-қағыйдаларға әмел етилиўи ҳаққында бармақда.
Соған көре, мәмлекетлик органларына жайласқан имаратда пуқаралар тәрепинен имаратқа мобил телефонларын ўақтынша тапсырып кириўи әмелияты пуқаралардың мүлкий ҳуқықларының шеклениўин аңлатпайды. Себеби мобил телефонды тапсырыўды қәлемеген пуқаралар, өз жеке мүлклерин қалдырып келиўлери мүмкин.
Бесиншиден, хызмет ханаларынан тысқарыда ягный жәмийетлик орынларында хызмет ўазыйпасын отеп атырған ишки ислер хызметкерлери менен өзара мүнәсибетин аудио, фото ҳәм видео қурылмаға дизимге алыў мүмкин (ишки ислер хызметкери тәрепинен фото ҳәм видео көриниске алыў қадаган етилген белги бар аймақларда хызмет алып барыў жағдайлары буннан тысқары).
Алтыншыдан, дүня жүзлик тәжрийбеге қарасақ, көплеп мәмлекетлерде сондай мәлимлеме ҳәм ишки қәўипсизликти тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлерде мобил телефонлардан пайдаланыўда фото ҳәм видеоға дизимге алыўда шеклеўлер бар.
Көплеп жеке ҳәм коммерциялық шөлкемлери имаратларында келиўшилер ушын мәмлекетлик шөлкемлерине қарағанда аўыррақ шеклеўлер бар.
Мәселен, АҚШның Федерал тәртипке салыў ҳаққындағы кодексине көре, қәўипсизликти тәмийинлеў ушын арнаўлы қағыйдалар, көрсетпелер ямаса буйрықлар менен ямаса суд қарары менен қадған етилген аймақларда сүўретке, видеоға алыў қадаған етиледи. Сол себепли бундай аймақларға мобил телефон алып кириў мүмкин емес.
АҚШда 2010-жылда атақлы суд исинде федерал органлар имаратын сыртынан пуқаралар тәрепинен сүўретке алыў ҳуқықы барлығы тастыйықланған (Musumeci). Соған қарамай, қолланбаға тийкар ҳәр бир жағдайда имарат сыртын сүўретке алып атырған пуқара алдына хызметкер барып, сүўретке алыў себеплерине анықлық киритиўи лазым.
Сондай-ақ, АҚШ федерал суд залларында да сүўретке алыў ҳәм процессин транслция етиў қадаған етиледи. Өз нәўбетинде ҳәттеки АҚШ почта бөлимлериде сүўретке алыў ушын арнаўлы көрсетпелер бар. Оған көре, хызметкерлердиң искерлигине кесент бермеген ҳәмде пуқараларға кириўге рухсат етилген орынларда ғана арнаўлы шахстың рухсаты менен сүўретке алыўға жол қойылады. Атап айтқанда, почта бөлимлеринде алынған сүўретлерде хызметкерлердин, харидарлардың ямаса бөлимде орнатылған қәўипсизлик камераларының сүўрет көрсетилмеўи керек.
Японияда болса мәмлекетлик органларына телефон алып кириў мүмкин болса-да, оның жәрдеминде фото ҳәм видеоға түсириў қадаган етиледи.
Жетиншиден, мәмлекетлик шөлкеми, лаўазымлы шахслар ол ямаса булл функцияны әмелге асырып атырғанда тек ғана белгиленген нызам-қағыйдаларға бойсынылыўы лазым. Егер шахстың талабы нызамлы болса, мәмлекетлик органлары оны белгиленген тәртипте шешилиўине, керисинше болса бас тартыўға мәжбүр.
Усы тәртиплер, мәжбүриятлар ҳәм мүнәсибетлер мобил телефонлар ҳәм видеоға алыў масламалары ойлап табылыўынан алдын да бар болған. Буннан тысқары, шахс өз талабы нызамсыз бас тартылған деп, оған қарата нызамсыз ҳәрекет исленген деп есапласа, оны жүзеге шығарыўдың басқа нызамлы усыллары (жоқары шөлкемге ямаса судқа шағым етиў) бар.
Сондай-ақ, мәмлекетлик органлары ҳәм шөлкемлеринде үзликсиз видеобақлаў системасы кең тарқалмақта. Соның ишинде, сораў алыў процессиниң видеоға түсирилиўин тәмийинлеў мақсетинде, барлық тергеўши ҳәм сорастырыўшылар веб-камералар менен тәмийинленген, сораў алыў ҳәм басқа тергеў ҳәрекетлерин аудио ҳәм видеоға түсириў системалары менен үскенелеў жумыслары баслап жиберилген.
Жоқарыдагыларға көре, мәмлекетлик органлары ямаса шөлкемлери тәрепинен мобил телефон, фото ҳәм видеоға түсириў қуралларынын алып кирилиўин қадаған етиў бойынша белгиленген талаплар әмелдеги нызам ҳүжжетлерине қайшы емеслигин, бул ҳәрекетлер пуқаралар ҳуқық ҳәм еркинликлериниң қандай-да бир тәризде шеклемеслигин мәлим етемиз.
Сол менен бирге, мәмлекет органлары ҳәм шөлкемлери имаратларының пуқараларға мәмлекет хызметлерин көрсетиўге мөлшерленген бөлеклеринде (хызмет көрсетиў заллары, пуқаралар күтиў ҳәм қабыл етиў ханаларында) мәмлекетлик органлары искерлигиниң ашықлыгы ҳаққындағы прициплерден келип шығып телефоннан пайдаланыўға рухсат етиў усынылады.
Әдиллик министрлигиниң усы түсиниги мәселени ҳуқықый тәрептен ашып бериўге қаратылған. Сол менен бирге, барлық ғалаба хабар қуралларына, блогерлерине усы түсиниклерди толықлығынша, айрықша сөз ҳәм атамаларды тексттен ажыратып алмастан жәмийетшиликке жеткериўлерин сораймыз.
Мағлыўмат орнында: Әдиллик министрлиги системасында, нотариат кеңселерде, мәмлекетлик хызметлери орайларында пуқаралар тәрепинен аудио ҳәм видео қуралларын ислетиўге рухсат етилген.
https://t.me/huqiqiymalimleme