Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

11

Пластик карта жойтылғанда не қылыў керек?


Төлеў картасы жойтылғанда ямаса урланғанда тезлик пенен хызмет көрсетиўши банкке мүрәжат етиў лазым.
Төлем картасы банк тәрепинен төмендеги жағдайларда блокланады:
банк картаси ийесинен оның жойтылғанлығы ямаса урланғанлығы ҳаққында арза қабыл етилгенде;
ПИН-кодды избе-из 3 мәрте надурыс терилгенде;
тергеўши, сорастырыўшы, суд орынлаўшысы ямаса судтың банк есапбетиндеги операцияларын тоқтатып турыў ҳаққындағы қарары алынғанда;
банк карточкаларынан пайдаланыў ҳаққындағы шәртнамада белгиленген басқа жағдайларда.
Қаридар төмендегилер арқалы төлем картасын ғарезсиз рәўиште блоклап қойылыўы мүмкин:
банктың интернет-сайтындағы жеке кабинети (интернет-банкинг хызмети қосылған болған);
хызмет көрсетиўши банктың ямаса төлем хызмети көрсетиўшилериниң (Uzcard, PayMe, Click ва б.) мобиль қосымшасы.
Пластик картаны блокировкадан шешиў ушын пластик карточка алынған банк филиалына шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжет пенен мүрәжат етиў керек.

@KRAdillikMinistrligi