Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

10

Нотариат тараўындағы реформалар


Усы жылдың 14-январь күни Өзбекстан Республикасының «Нотариат системасы түптен реформалаў мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айрым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы ЎРҚ-602-санлы Нызам Президент тәрепинен қол қойылды.
Усы Нызамға тийкар Өзбекстан Республикасы “Гиреў ҳаққында”, “Нотариат ҳаққында”, “Лизинг ҳаққында”, “Ипотека ҳаққында”, “Риелторлық искерлиги ҳаққында”, “Кредит хабар алмасыўы ҳаққында”, “Қәўендерлик ҳәм әменгерлик ҳаққында”, “Медиация ҳаққында”ғы Нызамларға Пуқаралық ҳәм Пуқаралық процессуал кодекслери, сондай-ақ, лицензиялар талап етилетуғын искерлик түрлери дизимине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.
Әсиресе, олар арасында “Нотариат ҳаққында”ғы Нызамға киргизилген өзгерис ҳәм қосымшаларды айрықша айтып өтиўимиз лазым, себеби киргизилген өзгерислерге муўапық жеке нотариуслар искерлигине байланыслы нормалар беккемлеп қойылды.
Нызамға муўапық мәмлекетлик нотариал кеңселерин мәмлекетлик емес нотариал кеңселер етип қайта шөлкемлестириў әдиллик органларында мәмлекетлик емес нотариал кеңселерин дизимнен өткериў, сондай-ақ, искерлик көрсетип атырған нотариусларға олардың арзаларына тийкар нотариал искерлик пенен шуғылланыў ҳуқықын бериўши лицензия бериў арқалы әмелге асырылады.
Тийисли нотариал округда нызам ҳүжжетлерине муўапық жетерли муғдардағы мәмлекетлик емес нотариал кеңселер шөлкемлестирилгенге шекем мәмлекетлик нотариал кеңселери өз искерлигин даўам еттиреди.
Мәмлекетлик емес нотариал кеңселер искерлигин финансластырыў дереги етип нотариал ҳәрекетлерди әмелге асырғанлық ушын өндирилетуғын мәмлекетлик бажы суммасының Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленген муғдарда мәмлекетлик емес нотариал кеңселеринде қалатуғын бөлеги, ҳуқықый ҳәм техник түсдеги қосымша ҳәрекетлерди әмелге асырғанлығы ушын төленетуғын төлемлер, нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа дереклер етип белгиленди.
Сондай-ақ, “Гиреў ҳаққында”ғы Нызамға киргизилген өзгерислерге муўапық, бирлемши базардан көшпес мүлк ҳәм транспорт қуралларын сатып алыў ўақтындағы ипотека ҳәм гиреў ҳаққындаги шәртнамаларды мәжбүрий нотариал тастыйықланыў талабы бийкар етилди.
Усы Нызамға тийкар Қурылысы тамамланбаған үй-жайларды басқа шахсқа өткериўде жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият органының рухсатын алыў;
Қәўендерликтеги шахс атынан мал-мүлклерди ижара (аренда)ға бериўде қәўендерлик ҳәм әменгерлик органларының рухсатын алыў (бул ҳаққында қәўендерлик ҳәм әменгерлик органларын хабардар етиў шәрти менен) талаплары бийкар етилди.
Соның менен бир қатарда пуқаралық-ҳуқықый мүнәсибетлерди судқа шекем болған процеслерде дәлиллерди тәмийинлеў (гүўалардың көрсетпелерин жазып алыў, жазба ҳәм айғақлық дәлиллерди көзден кешириў ҳәм гүўаландырыў, экспертиза тайынлаў, Интернет тармағындағы фактларды тастыйықлаў);
пуқаралық-ҳуқықый мүнәсибетлерде, сондай-ақ мүлкий ҳәм мийрас мәселеринде медиатор ўазыйпасын атқарыў;
жаратылған авторлық ҳуқық объектиниң усынылған ўақтын тастыйықлаў сыяқлы жаңа нотариал ҳәрекетлер енгизилди.
«Нотариат ҳаққында»ғы Нызамның 2-статьясына киргизилген өзгериске муўапық «жигирма бес жастан киши ҳәм алпыс бес жастан үлкен болмаған, жоқары юридикалық мағлыўматқа, юридикалық қәнийгелиги бойынша кеминде үш жыллық ис стажына ийе болған, сондай-ақ, нотариал кеңседе кеминде бир жыл стажировка өтеген, маманлық имтиханын тапсырған Өзбекстан Республикасы пуқарасы нотариус болыўы мүмкин. Судьялық лаўазымында кеминде бес жыл ислеген яки нотариус жәрдемшиси ямаса әдиллик органларының нотариал искерликте басшылық қылыўшы ҳәм усы искерликти қадағалаў менен байланыслы лаўазымларда кеминде үш жыл ислеген шахслар ушын стажировкадан өтиў талап қылынбайды. Сорастырыўшы, тергеўши, прокурор, әдиллик органларының жумысы нотариат искерлиги менен байланыслы болмаған басқарыў хызметкерлери яки адвокат ретинде кеминде үш жыл ислеген шахслар, егер олардың ўәкилликлери тамамланған ўақыттан бес жыл өтпеген болса, алты ай мүддет стажировка өтелиўи белгиленди.
Жуўмақлап айтқанда, Нызам менен нотариат тараўындағы бир қатар нызамларға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилиўи, сондай-ақ, жеке әмелият пенен шуғылланыўшы нотариуслар искерлигиниң ҳуқықый тийкарларының жаратылыўы мәмлекетимиз нотариат системасында туп бурылыс жасайды.
Нотариал хызметлерден пайдаланыў бойынша пуқараларымызға қосымша қолайлықлар жаратады, оның исенимли ҳәм кепилленген болыўын тәмийинлейди.

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги
Ҳуқықый хызмет көрсетиўди мәмлекет тәрепинен
тәртипке салыў бөлими бас мәсләҳәтшиси
Базарбаев Аллаяр Маратович