Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

10

Нызамшылықтағы жаңалықлар


Көп квартиралы үйлерди басқарыў бойынша эксперимент өткериледи
Айырым аймақларда “Көп квартиралы үйлерди басқарыў ҳаққында”ғы Нызам нормаларын  
Апробация қылыў бойынша ҳуқықый эксперимент өткериўге байланыслы Ҳүкимет қарары  
(64-сан, 07.02.2020-ж.) қабыл етилди.

- Қарарға көре, Нызам нормаларын ҳәмде көп квартиралы үйлерди басқарыўдың тәртип-қағыйдалары нәтийжелилигин анықлаў ҳуқықый эксперименттиң тийкарғы ўазыйпаларынан бири есапланады.
Соған көре, Ташкент қаласының Яккасарой районы, Жиззах ҳәм Марғилон қалаларында көп квартиралы үйлерди басқарыў мәселелери бойынша район (қала) үй-жай коммунал хызмет көрсетиў бөлимлеринде халық ушын мәсләҳәт пунктлери шөлкемлестириледи.
Қарар менен тастыйықланған ўақтынша режеге көре, көп квартиралы үйди басқарыў усылы турақ жайлар ҳәм жасаў ушын мөлшерленбеген  жайлардың мүлкдарлары улыўма жыйналысында белгиленеди.

- Көп квартиралы үйди басқарыў:

- тиккелей жайлардың мүлкдарлары тәрепинен;

- юридикалық шахс болған басқарыўшы шөлкем ямаса физикалық шахс болған басқарыўшы тәрепинен шәртнама тийкарында;

- үй-жай мүлкдарлары ширкети болған коммерциялық емес шөлкем тәрепинен әмелге асырылыўы мүмкин.

Ҳуқықый эксперимент өткериў дәўиринде “Ең жақсы басқарыўшы” таңлаўы шөлкемлестирилип, ең жақсы басқарыўшының ис тәжрийбеси ҒХҚларда кең жарытылады.
Қарар менен ҳуқықый эксперимент өткериў бойынша Республика исши топары ҳәм аймақлық исши топарлар қурамы тастыйықланды.