Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

07

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри жаслар менен ушырасты


Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри С.Худайбергенов, министрдиң биринши орынбасары А.Атажанов ҳәм министрликтиң бөлим баслыклары, Қарақалпақ мәмлекетлик университети Юридика факультети студентлери менен ушырасыў болып өтти.
Тийкарғы мақсет жасларды әдиллик органлары искерлиги менен таныстырыў, билимли қәбилетли жасларды анықлаў ҳәмде кадрлар резервин қәлиплестириўден ибарат.
Илаж даўамында студент жасларға әдиллик органларының тийкарғы ўазыйпалары,министрлик тәрепинен алып барылып атырған ислер,әдиллик органларына жумысқа қабыл етиў тәртиби бойынша толық мағлыўматлар берилди. Сондай-ақ, Президентимиздиң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатнамасы,жасларға тийисли мәмлекетлик сиясаты,суд-ҳуқық тараўындағы реформалар бойынша өзара пикир-усыныслар билдирилди.
Студент жасларға халықтың ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятын асырыў, нызамшылықтағы жаңалықлар менен таныстырып барыў ҳәмде коррупцияға қарсы гүресиўде жаслардың белсендилигин асырыўда бирге ислесиў бойынша бағдарлар белгиленип алынды.
Ашық сәўбет тәризинде болып өткен ушырасыўда жаслар өзлериниң қызықтырган сораўларына жуўаплар алды ҳәмде жаслардың пикир-усыныслары тыңланды.