Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

07

МҮРƏЖАТ ЕТИЎ – ПУҚАРАЛАРДЫҢ ЕҢ ТИЙКАРҒЫ СИЯСЫЙ ҲУҚЫҚЛАРЫНЫҢ БИРИ


Өзбекстан Республикасында ҳəр бир шахстың мəмлекетлик уйымларға, шөлкемлерге яки халық ўəкиллерине мүрəжат етиў ҳуқықы конституциялық норма тийкарында кəлипленеди.
Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Конституциясының
35-статьясына тийкар, ҳəр бир шахс тиккелей өзи ҳəм басқалар менен биргеликте ўəкилликли мəмлекетлик уйымларға, шөлкемлерге яки халық ўəкиллерине арза, усыныс ҳəм шағымлар менен мүрəжат қылыў ҳуқықына ийе.Арзалар, усыныслар ҳəм шағымлар нызамда белгиленген тəртипте ҳəм мүддетлерде көрип шығылыўы шəрт.
Мүрəжат етиў – пуқаралардың ең тийкарғы сиясый ҳуқықларынан бири болып есапланады. Бул пуқаралардың мүрəжатлары арқалы ҳалқымыздың шаңарақлық жағдайын, жасаў тəризин, мəмлектимизде алып барылып атырған реформаларға мүнәсибетин билиўимиз мүмкин.
Мүрəжат қылыўға байланыслы усы конституциялық ҳуқықтан ҳəр бир шахстың тең пайдаланыў имкəнияты толық жолға қойылып, “Халық мəмлектлик уйымларға емес, мəмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи керек” деген принцип мəмлекет ҳəм жəмийетке енгизилди.
Мəмлекетлик уйымлары ҳəм мəмлекетлик шөлкемлерге, сондай-ақ олардың лаўазымлы шахсларына физикалық ҳəм юридикалық шахслардың мүрəжатлары тараўындағы қатнасықлары Өзбекстан Республикасы “Физикалық ҳəм юридикалық шахслардың мүрəжатлары ҳаққында”ғы Нызам менен тəртипке салынады.
Нызамға муўапық, бүгинги күнде физикалық ҳəм юридикалық шахслардың мүрəжатларыныз өз ўақтында ҳəм толық көрип шығыў, мүрəжатларға қарата талаплардың бирдейлиги, физикалық ҳəм юридикалық шахслардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳəм нызамлы мəплерине əмел етилиўи, мүрəжатларды көрип шығыўда бюрократизмге жол қоймаў, мүрəжатларды көрип шығыўда мəмлекетлик уйымлары, шөлкемлер ҳəм олардың лаўазымлы шахслары жумысларының ашықлығы принципи тийкарында əмелге асырылмақта.
Физикалық ҳəм юридикалық шахслардың мүрəжатларын көрип шығыў тараўында Əдиллик уйымларына Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 13-апрель күнги ПҚ-3666-сан қарары менен тастыйықланған “Өзбекстан Республикасы Əдиллик министрлиги ҳаққында”ғы Режеге тийкар,пуқаралардың өз ҳуқықлары ҳəм еркинликлери мəмлекетлик уйымлары ҳəм шөлкемлери тəрепинен бузылыўы ҳаққындағы мүрəжатларды бийтəреп ҳəм ҳəр тəреплеме көрип шығылыўын тəмийинлеў, оларға қарата нызам ҳүжжетлерине муўапық шаралар көриў ўəкиллиги берилген.
Сол тийкарда, Министрликтиң Инсан ҳуқықларын қорғаў бөлимине 2019-жыл даўамында физикалық шахслардан жəми 729 мүрəжатлар, яғный 214 арза, 512 шағым ҳəм 2 усыныслар келип түскен.
Келип түскен мүрəжатлардың 466 шешилген болып, соннан
202 мүрəжат қанаатландырылды.
Атап айтқанда, Нөкис районы, “Тақыркөл” аўыл пуқаралар жыйыны, Шоркөл посёлкасында жасаўшы пуқара М.Ибраймованың министрликке жоллаған мүрәжаты үйренип шығылды.
Мүрəжатты үйрениў даўамында, пуқара М.Ибраймова 2019-жылдың декбрь айынан баслап жəмийетлик жумысқа қабыл етилгенлиги, өмирлик жолдасы жумыссыз екенлиги ҳəм қарамағында ер жетпеген перзенти бар екенлиги анықланды.
Сондай-ақ, министрлик тəрепинен алып барылған илəжлар нəтийжесинде пуқара М.Ибраймованың өмирлик жолдасы Нөкис районлық ҳалықтың бəнтлигине көмеклесиў орайына жуммыссызлар қатарына дизимге қойдырылып, министрлик тəрепинен Нөкис районы, “Тақыркөл” аўыл пуқаралар жыйынына “пуқара М.Ибраймованың шаңарағына  материаллық  жəрдем тайынлаў илəжларын көриў ҳаққында” усыныс киритилди.
Министрлик тəрепинен киритилген усынысқа тийкар пуқара М.Ибраймованың шаңарағына айына 305.000сумнан 6 айға материаллық жəрдем пулы тайынланды.
Сондай-ақ, Беруний районы, “Тинчлик” АП Жаймағында жасаўшы пуқараЭ.Собировтың Өзбекстан Республикасы Əдиллик министрлигине жоллаған мүрəжаты үйренип шығылды.
Мүрəжат министрлик тəрепинен үйренип шығылғанда, пуқара Э.Собиров Беруний районы қурылыс ҳəм коммунал ҳожалығы колледжин тамамлағанлығы, яғный орта арнаўлы педогогик мағлыўматқа ийе болмағанлығы себепли, сабақлықлар ажыратылмастан (1 ставка) мектеп устасы лаўазымына нызамсыз түрде өткерилгенлиги анықланды.
Анықланған жағдайлар бойынша, министрлик тəрепинен Қарақалпақстан Республикасы Халқ билимлендириў министрлигине усыныс киритилип, нəтийжеси бойынша пуқара Э.Собировқа район халқ билимлендириў бөлимине қараслы 13-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 1-4-классларынан жəми 8 саат сабақлықлар ажыратылып берилди.
Буннан тысқары, 264 мүрəжат бойынша ҳуқуқый түсиниклер берилип, 117 мүрəжат тийислилиги бойынша басқа мəкеме ҳəм шөлкемлерге ҳəмде 130 мүрəжат район (қала) əдиллик бөлимлерине жиберилди.
Соның менен бир қатарда, министрликтиң Инсан ҳуқықларын қорғаў бөлимине келип түскен мүрəжатларды үйренип шығыў нəтийжеси бойынша яғный, олардың бузылған ҳуқықларын тиклеў мақсетинде тийсли мəкеме ҳəм шөлкемлерге 35 усыныс, 5 ескертиўлер ҳəмде тийисли судларға
311 миллион сумнан артық 83 даўа арзалар киритилди.
Қолланылған тəсир шаралар нəтийжесинде, яғный, усынысларға тийкар 570 миллион сумға жақын  ҳəм судларға киритилген даўа арзаларға тийкар 270 миллион сумға жақын пул қаржылары физикалық шахсларға қайтарылған болса, 5 нызамсыз қарар ҳəм буйрықлар бийкар етилип, 12  шахс интизамый жуўапкершиликке тартылды.
Буннан тысқары, судларға ҳəм ўəкилликли уйымларға киритилген
8 ҳəкимшилик усыныслар нəтийжесинде 8 лаўазымлы шахслар ҳəкимшилик жуўапкершиликке тартылды.
Жуўмақлап айтқанда,мəмлекетимизде алып барылып атырған реформалар пуқаралардың ең тийкарғы сиясый ҳуқықларының бири болған, мүрəжат етиў ҳуқықы əмелде тəмийинленип атырғанлығынан декрек береди.


Қарақалпақстан Республикасы
Əдиллик министрлиги
Инсан ҳуқықларын қорғаў бөлими
бас мəслəҳатшиси
Е.УТЕПОВ