Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

30

Өзбекстан Республикасында ең жақсы әдиллик бөлими ҳәм ең жақсы әдиллик хызметкери аныкланды


Әдиллик органлары тараўында ўазыйпа ҳәм мәжбүриятларын үлгили тәризде орынлап киятырған хызметкерлерди хошаметлеў мақсетинде Әдиллик министрлиги тәрепинен «Жылдың ең жақсы әдиллик бөлими» «Жылдың ең жақсы әдиллик хызметкери», «Айдың ең жақсы хызметкери» таңлаўлары шөлкемлестирилмекте.
Бүгин Самарқанд қаласында Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигинде 2019-жыл даўамында жоқары көрсеткишлерге ийе болған әдиллик бөлимлери арасында «Жылдың ең жақсы әдиллик бөлими» ҳәмде «Жылдың ең жақсы әдиллик хызметкери» таңлаўы болып өтти.
«Жылдың ең жақсы әдиллик хызметкери» таңлаўында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер бөлими бас мәсләҳәтшиси Исатай Алдабергенов Өзбекстан Республикасы басқышында сыйлы II орынды ийеледи.
Және бир куўанышлы хабар, бүгин Өзбекстан Республикасы шеңберинде жылдың ең жақсы әдиллик бөлими де анықланды ҳәм Беруний районы әдиллик бөлими сыйлы II орынға ылайык деп табылды.
Бул таңлаў интернет социаллық тармақларында онлайн тәризде тиккелей эфирге берилди ҳәм барлық тармақ пайдаланыўшылары шәртлерди бақлап барды.
Мағлыўмат ушын, «Жылдың ең жақсы әдиллик хызметкери» ҳәмде «Жылдың ең жақсы әдиллик бөлими» таңлаўында I,II, III орынды ийелеген жеңимпазларға 10 млн сум муғдарында ақшалай сыйлық, сондай-ақ сырт еллерге тәжрийбе алмасыўға жибериледи.