Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

30

Мигрантларға жай ажыратыў тәртиби белгиленди


Ҳүкимет қарары менен (39-сан, 29.01.2020-ж.), турақ-жай шараятларын жақсылаўға ықтыяжы болған мийнет мигрантларына көп квартиралы үйлерден квартиралар ажыратыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.
Қарар менен тастыйықланған режеге муўапық, турақ-жайлар жеңилликли ипотека кредити тийкарында ҳәр жылы район (қала)лардан белгиленген тәртипте ажыратылады.
- Турақ-жай ажыратыў төмендеги басқышларда әмелге асырылады:
- арза бериўши талапкер ретинде жазба усынысты алыў ушын талапкерлерди таңлаў бойынша комиссия баслығына турақлы жасаў орны бойынша ҳүжжетлерди ҳәм сораўнама-арзаны усынады;
- комиссия ҳүжжетлерди 15 жумыс күни ишинде көрип шығады;
- комиссия арзаны көрип шығыўда турақ-жай шараятын жақсылаўға ықтыяжы бар мийнет мигрантларын бир қатар социаллық нормалар тийкарында (талапкер атында турақ-жай жоқ екенлиги, ижарада турыўы, басқа шаңарақ пенен бир үйде жасаўы, көп балалылығы ҳәм т.б);
- арзаны көрип шығыў ҳәм турақ-жай шараятын үйрениў нәтийжесинде комиссия жазба усыныс бериў яки жазба усыныс бериўди бийкар етиў ҳаққында қарар қабыл етеди;
- жазба усыныс берилген талапкерлер дәслепки шәртнамаларды дүзиў ушын инжиниринг компаниясы филиалына мүрәжат етеди.
- 2020-жыл дәстүрлери шеңберинде турақ-жай шәриятларын жақсылаўға ықтыяжы бар болған мийнет мигрантлары ушын ипотека кредитлерин ажыратыў бойынша:
- жеңилликлер дәўири – 1 жыл;
- кредиттен пайдаланыўдың биринши 5 жылы даўамында ҳәр жылы процент ставкасын қатаң белгиленген 7 проценттен қайта финансластырыў ставкасы дәрежесине шекем бир нормада асып баратуғын ставкада ҳәм кейинги дәўирде қайта финансластырыў ставкасында белгиленеди.
Еслетип өтемиз, Президенттиң 2019-жыл 20-августтағы ПФ-5785-сан Пәрманында (https://lex.uz/docs/4482648) турақ-жай шараятларын жақсылаўға ықтыяжы болған мийнет мигрантларына 2020-жылда турақ-жайлар қурылысы бойынша мәмлекетлик дәстүрлериниң орынланыўы  шеңберинде көп квартиралы үйлерден 3 462 квартира ажыратылыўы белгиленген.

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими
А.Отарбаев