Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

29

Билесизбе


Билесизбе
Төмендеги жумысларда ер жетпегенлер мийнетинен пайдаланыўға жол қойылмайды (http://lex.uz/docs/1582076):
- жер асты, суў асты, қәўипли бәнтликте ямаса жабық орталықта орынлаў;
- қәўипли механизмлер, әсбап ҳәм үскенелер менен байланыслы болған;
- қәўипли буйымлар ямаса процесслер, температура, шаўқым ямаса толқынланыў дәрежесиниң жоқары тәсиринде ер жетпегенлердиң саламатлығына зыян келтириўге алып келетуғын зыянлы шараятлардағы;
- аўыр мийнет шараятларында орынланатуғын (жумыс ўақтының даўамлылығы узақ болған, түнги жумыслар ҳәм басқалар менен байланыслы болған);
- өзиниң өзгешелиги менен бундай тайпадағы хызметкерлердиң әдеп-икрамына зыян келтиретуғын;
- белгилеп қойылған нормадан артық аўыр жүк көтериўи ҳәм тасыў менен байланыслы болған жумысларда.

18 жасқа толмаған мийнетинен пайдаланыў қадаған етилетуғын қолайсыз мийнет шараятлары менен байланыслы жумыслар дизими (http://lex.uz/docs/1503069#1503121) ҳәм 18 жасқа  толмаған шахслар көтерилиўи ҳәм тасыўы мүмкин болған аўыр жүк нормалары шегарасы (http://lex.uz/docs/1479061) Бәнтлик ҳәм мийнет мүнәсибетлери ҳәм Ден саўлықты сақлаў министрликлери тәрепинен белгиленеди.