Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

27

Билесизбе


Билесизбе
Темеки өнимлерин ислеп шығарыўды лицензиялаў Министрлер Кабинетиниң 2006-жыл 7-сентябръдеги 190-санлы қарары менен тастыйықланған Реже (https://lex.uz/docs/1054287) тийкарында әмелге асырылады.

Режеге муўапық лицензия питиминде төмендегилер болыўы керек:
- питимди имзалаған шахслардың фамилиясы, исми, атасының исми, лаўазымы;
- тәрепилердиң реквизитлери;
- лицензия берилип атырған анық искерлик түриниң аты;
- лицензия талаплары ҳәм шәртлери;
- тәреплердиң жуўапкершилиги;
- лицензиялаўшы орган тәрепинен қадағалаў тәртиби;
- питимге өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў тәртиби;
- лицензиат тәрепинен лицензия талаплары ҳәм шәртлериниң турақлы ямаса бир мәрте қопал рәўиште бузылыўы дизими;
- әмелдеги нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа зәрүр мағлыўматлар;

Ҳүрметли исбилерменлер, жоқарыдағы рухсатнаманың әмелдеги тәртибине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша усыныс ҳәм пикирлер бар болса @tadbirkor_adliyabot телеграм бот арқалы жибериўиңиз мүмкин. Усынылған пикирлер Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен көрип шығылып рухсатнама бериў тәртибин жетилистириўде пайдаланылады.