Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

28

Нызамшылықтағы жаңалықлар


Нызамшылықтағы_жаңалықлар
Қаракөлшилик субъектлерине субсидия ажыратылады
“Қаракөлшилик субъектлерине субсидия бериў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында”ғы қарар Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигинде мәмлекетлик дизимнен өткерилди (дизим саны 3213, 24.01.2020-ж.).

Қарар менен тастыйықланған режеге көре, қаракөл ҳәм қаракөлше тери жетистирип, экспортқа сатқан қаракөлшилик субъектлерине ҳәр финанс жылында кейинги финанс жылына шекем төмендеги муғдарда бир мәртелик субсидия ажыратылады:
- қаракөлшилик субъектлеринде жетистирип, экспортқа сатылған ҳәр бир дана қаракөл териси ушын 50 мың сумнан;
- қаракөлшилик субъектлеринде жетистирип, экспортқа сатылған ҳәр бир дана қаракөлше териси ушын 75 мың сумнан.
Буның ушын қаракөлшилик субъектлери Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитетине субсидия ажыратыўды сорап арза менен мүрәжат етеди.

Арзаға төмендеги ҳүжжетлер қосымша етиледи:
- район статистика бөлими тәрепинен берилген бар болған қаракөл қойлар бас саны ҳәм жетистирилген қаракөл тери саны ҳаққындағы мағлыўматнама;
- қаракөл ҳәм қаракөлше терини экспорт қылыў бойынша экспорт шәртнамасы ҳәмде экспортқа жиберилген өнимлер ушын есап-фактура ҳүжжетлери нусқалары;
- қаракөл ҳәм қаракөлше терини экспорт қылғанлығы ҳаққында бажыхана жүк декларациясы нусқасы.
Усы ҳүжжет талаплары 2019-2023-жылларда қаракөл ҳәм қаракөлше тери жетистирип, экспортқа сататуғын қаракөлшилик субъектлерине қарата усынылады.