Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

25

Допинг-тест үлгилерин алыў системасы енгизиледи


Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Допинг-тест үлгилерин алыў системасы енгизиледи

“Өзбекстан Республикасында дене тәрбия ҳәм спортты жәнеде жетилистириў ҳәм ғалабаластырыў ис-илажлары ҳаққында” Президент Пәрманы қабыл етилди.

Пәрман менен дене тәрбия ҳәм спорт системасын реформа етиўдиң 2025-жылға шекем тийкарғы бағдарлары белгиленди.

Соның ишинде, дене тәрбия ҳәм спорт пенен турақлы шуғылланып атырған халықтың улыўма саны 30 процентке шекем, спорт шөлкеми ҳәм мәкемелеринде шуғылланып атырған жаслардың улыўма саны 20 проценке шекем асырылады.

Сондай-ақ, 2020-жылдан баслап спорт тараўында “Tashkent Marathon” халықара марафоны, “Save Aral” халықара экомарафоны, авторалли ҳәм мотокросс спорт жарысларын системалы өткериў арқалы спорт туризми раўажландырылады.

Пәрманға көре, 2020-жыл 1-февралдан баслап басқышпа-басқыш олимпия спорт түрлери бойынша республика спорт жарысларында допинг-тест үлгилерин алыў системасы енгизиледи.

Пәрман менен Өзбекстанда дене тәрбия ҳәм спортты 2025-жылға шекем раўажландырыў концепциясы ҳәм оны 2020-жылда әмелге асырыў бойынша “Жол картасы” тастыйықланды