Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

27

САНЛЫ ЭКОНОМИКА ҲАҚҚЫНДА НЕЛЕРДИ БИЛИЎ КЕРЕК?


2020-жыл 24-январь күни  Президент Шавкат Мирзиёевтың  Олий Мажлис Сенаты ҳәм Нызамшылық палатасына жоллаған Мүрәжатнамасында “2020-жыл – Илим- мағрипат ҳәм санлы экономика  жылы” деп жәрияланды. Соннан кейин пуқараларда “санлы экономика” атамасы ҳаққында көплеген сораўлар пайда болды.Төменде олардың ең зәрүрлерине анықлық киргиземиз.
Санлы экономика дегенимиз не?
Санлы экономика – бул экономикалық, социаллық ҳәм мәдений байланысларды санлы технологияларды қоллаў тийкарында әмелге асырыў системасы. Гейде ол интернет экономикасы, жаңа экономика ямаса веб-экономика деген терминлер менен де көрсетиледи.
1995-жылда америкалы программист Николас Негропонте “санлы экономика” терминин әмелиятқа киргизди. Ҳәзир бул терминди пүткил дүньядағы сиясатшылар, экономистлер, исбилерменлер-дерлик бәри қолланбақта. 2016-жылда Пүткил жәҳән банки дүньядағы санлы экономиканың аўҳалы ҳаққында биринши мәрте баянат жасады (“Санлы дивидендлер”).
Санлы экономиканың әпиўайы экономикадан парқы неде?
Мысалы, қарыйдарға аяқ кийим керек. Оны базарға барып өзи тиккелей таңласа ҳәм нақ пулға сатып алса, бул әдеттеги экономика. Телеграмдағы қандай да бир саўда боты арқалы өзине мақул товарды таңлап, товар ийесине пулды электрон төлеў системасы арқалы төлеў ҳәм  товарды жеткерип бериў хызмети жумыс хызмети арқалы алыў – санлы экономика делинеди. Бул мәселени ең әпиўайы турмыслық мысал арқалы түсиндириў. Негизинде, ҳәммемиз әллеқашан санлы экономика ишиндемиз,оның қолайлықларынан пайдаланамыз. Мысалы, айлықларымыз пластик карталарға түседи, электрон төлем арқалы коммунал хызметлер, телефон, интернет ҳәм басқа өним ҳәм хызметлерге төлем төлеймиз, электрон тәризде салық декларациясын тапсырамыз, картадан картаға пул өткеремиз, үйге тағам буйыртпа қыламыз ҳәм басқа.
Санлы экономика – бул нольден баслап жаратылыўы лазым болған қандайда бир басқаша экономика емес. Бул жаңа технологиялар, платформалар ҳәм бизнес моделлерин жаратыў ҳәм оларды күнделик турмысқа енгизиў арқалы экономиканы жаңаша системаға көшириў дегени.
Белгилери:
-Жоқары дәрежеде автоматластырылғанлық;
-электрон ҳүжжет алмасыўы;
-бухгалтерлик ҳәм басқарыў системаларының электрон интеграцияласыўы;
-мағлыўматлар электрон базалары;
-CRM (қарыйдарлар менен өзара мүнәсибет системасы)на ийе екенлиги;
-корпоратив тармақлар.
Қолайлықлары:
1. Төлемлер ушын қәрежетлер кемейеди (мысалы, банкке барыў ушын жол ҳақы ҳәм басқа ресурслар үнемленеди).
2. Товарлар ҳәм хызметлер ҳаққында көбирек ҳәм тезирек мағлыўмат алынады.
3. Санлы дүньядағы товар ҳәм хызметлердиң жәҳән базарына шығыў имканиятлары үлкен.
4. Фидбек (тутыныўшы пикири)н тез алыў есабынан товар ҳәм хызметлер жедел шөлкемлестириледи.
5. Тезирек, сапалырақ, қолайлырақ.
Айқын мысал...
Санлы платформалардың раўажланыў тараўындағы айқын мысаллардан бири сыпатында “Алибаба” электрон саўда системасына ийе болған Қытай компаниясын келтирип өтиў мүмкин. Оннан пайдаланыў тәжирийбеси соны көрсетеди, мағлыўматлар топлаў процессинде экономиканың түрли секторларына экспансия ушын өте бәсекили үстинликлер жаратылады. “Алибаба” бул – әпиўайы ғана санлы платформа емес, бәлким платформалар экосистемасы.
Санлы экономиканы раўажландырыў бизге не береди?
Санлы экономика инсанлардың турмыс дәрежесин сезилерли дәрежеде асырады, бул оның тийкарғы пайдасы.
Санлы экономика коррупция ҳәм “қара экономика”ның тийкарғы тосқынлығы. Себеби, санлар ҳәмме нәрсени мөрлейди, есте сақлайды, керек пайытта мағлыўматларды тез усынады. Бундай шараятта қандай да бир мағлыўматты жасырыў, жасырын питимлер дүзиў, ол ямаса бул искерлик ҳаққында толық мағлыўмат бермеўдиң илажы жоқ, компьютер ҳәммесин көрсетип турады. Мағлыўматлар көплиги ҳәм системалылығы жалған ҳәм қыңыр ислерге жол бермейди, себеби системаны алдаў имкансыз.Нәтийжеде “патас пулларды” ийелик етиў, қарежетлерди урлаў, нәтийжесиз ҳәм  мақсетсиз сарплаў, асырып ямаса жасырып көрсетиў имканы қалмайды. Бул болса экономикаға легал қарежетлер ағымын асырады, салықлар өз ўақтында ҳәм дурыс төленеди, бюджет бөлистириўи ашық болады, социаллық тараўға бағдарланған қәрежетлер урланбайды, мектеплер, емлеўханалар, жолларға ажыратылған пуллар толық жетип барады ҳәм басқа.
Мәмлекеттиң санлы экономиканы раўажландырыў жолын таңлағанлығы мәлимлеме технологиялары тараўында ҳәм улыўма, электрон ҳүжжетлер айланбасы тараўында жаңа бағдарлар ашып береди. “Санлы технологиялар” тәрепине бурылыўына пүткил жәҳән интернет тармағы ҳәм сапалы байланыстың раўажланыўы себепши болды.
Өзбекстанда санлы экономика қай дәрежеде раўажланған?
Атап өтиў керек, бүгинги күнде пайдаланыўшылар азық-аўқат өнимлерине буйыртпа бериў ушын Телеграм ботларынан жедел пайдаланбақта. Сондай-ақ, түрли интернет дүкәнлар, электрон төлем системалары да жедел раўажаланып бармақта. Демек, пуқараларымыз электрон питимлерди әмелге асырыўға исенбекте. Тек ҳәзирги күнге шекем пайдаланыўшылар үлкен қәрежетлер талап етпейтуғын киши питимлерди әмелге асырмақта, орташа сатып алыў көлемин асырыўға болса онша таяр емес. Ендиги мәселе орташа ҳәм ири экономикалық питимлер ҳәм финанслық операцияларды санлы технологиялар арқалы әмелге асырыўды раўажландырыўдан ибарат.
Сондай-ақ...
Санлы экономиканың өз валютасы (криптовалюта, биткоин), пул сақлайтуғын қалтасы (блокчейн), есаплаў усыллары (майнинг) уқсаған терминлерге ийе. Олар ҳаққында жәнеде толығырақ мағлыўмат алыў усынылады
Санлы экономиканы ким раўажаландырады?
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбар басқарыўы агентлиги санлы экономиканы енгизиў ҳәм раўажландырыў тараўында ўәкилликли орган есапланады. Буннан басқа Экономика, Финанс, Мәлимлеме технологиялары, Әдиллик министрликлери ҳәм басқа да бир қатар мәмлекетлик дүзилмелери санлы экономиканы раўажландырыў ушын өзине сай жуўапкершилик ҳәм ўазыйпаларға ийе. Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтың Олий Мажлис Сенаты ҳәм Нызамшылық палатасына жоллаған Мүрәжатнамасында да өз алдына айтып өтилди.
Шаҳноза Соатова
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жуўаплы хызметкери