Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

Нызамшылықтағы жаңалықлар


Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги еркинликтен айырыў түриндеги жазаны орынлаў мәкемелериниң ишки тәртип қағыйдаларына киргизилген өзгерис ҳәм қосймшалар Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигинде мәмлекетлик дизимнен өткерилди (дизим саны 2495-5, 01.07.2019-ж)
Киргизилген қосымшалар менен судланған шахсларға төмендеги ҳуқықлар берилди:
ҳаўа райы шәраяты жол қойса, жумыстан бос ўақтында таза ҳаўада шынығыўлар менен шуғылланыў;
психологиялық жәрдем алыў;
қәўипсиз мийнет шәраятына ийе болыў, дем алыў, дем алысқа шығыў, мийнетке ҳақ алыў.
Ендигиден былай судланған шахслар аўыр кеселликке шалынған жағдайда, телефон арқалы қосымша сөйлесиўге, сондай-ақ шыпакердиң көрсетпеси менен қосымша ушрасыўға рухсат бериледи.
Судланған шахсларды көриктен өткериў периудлылығы анықластырылады ҳәмде судланған шахслардың ҳәр алты айда бир мәрте, сондай-ақ олардың мүрәжатына көре медициналық көриктен өткериў керек екенлиги белгиленди.