Yangiliklar
Конституцияни ўрганиш асосий вазифамиз
Жамиятда ҳуқуқий онг ва ҳуқуқий маданиятни юксалтириш ҳамда Ўзбекистон Республикаси Конституциясининг мазмун-моҳиятини тушинтириш мақсадида туман Халқ таълими бўлимига қарашли 33-сонли умумий ўрта таълим мактабида Тўрткўл туман адлия бўлими ташаббуси билан туман Маънавият ва маърифат бўлими ҳамда Халқ таълими бўлими ходимлари билан ҳамкорликда кўргазмали воситалар ёрдамида ҳуқуқий тарғибот тадбири ўтказилди.
Ушбу тадбирда мактаб ўқувчилари Ўзбекистон Республикаси Конституцияси бўйича олган билимларини ўзаро бахс-мулоҳазалар, савол-жавоблар орқали намойиш этди.
Тадбир якунида ўқувчилар томонидан ҳуқуқий онг ва ҳуқуқий маданиятни юксалтириш бўйича таклиф ва фикирлар билдирилди.
Мүрәжатнама_2020
Экология кодекси ислеп шығылады
Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен усы жылдың 1-октябрь сәнесине шекем Экология кодекси жойбарын ислеп шығыўды усынылды.
Буған Экология партиясы басшылық етиўи усынылды.
Мүрәжатнама_2020
Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша Парламент ҳәм Президентке бойсынатуғын өз алдына мәмлекетлик уйым дүзиледи
Президенттиң билдириўинше, коррупцияға қарсы гүресиў бойынша жаңа система енгизиледи. Атап айтқанда, коррупцияның ерте алдын алыў системасы қәлиплестириледи.
Усыған көре, коррупцияға қарсы гүресиў бойынша Парламент ҳәм Президентке бойсынатуғын өз алдына мәмлекетлик уйым шөлкемлестириў усынылды.
Мүрәжатнама_2020
“Өзбекстан жаслары – 2025” концепциясы ислеп шығылады
Мәмлекет басшысы тәрепинен жаслар менен ислеў нәтийжелилигин баҳалаў бойынша бирден бир көрсеткишлер ислеп шығыў, жаслар сиясатын баҳалаўдың миллий индексин енгизиў керек екенлиги атап өтилди.
Өзбекстан жаслар аўқамына “Өзбекстан жаслары – 2025” концепциясын ислеп шығып, онда руўхый ҳәм физикалық бәркамал әўладты камалға келтириўдиң әмелий ис-илажларын нәзерде тутыў тапсырылды.
Мүрәжатнама_2020
Шавкат Мирзиёев:
1995-жылға шекем Өзбекстанға келген ҳәм соннан берли жасап атырғанларға автоматик тәризде пуқаралық берилиўи дәркар.
Мүрәжатнама_2020
Исбилерменлик субъектлерине “жынайый бирлеспе” деген айыплаўды бийкар етиў усыныс етилди:
“Юридикалық шахс болған исбилерменлик субъекти ағзаларына “жинайый бирлеспе” деген айыплаў қойып, оларға аўыр жаза тайынлаў сыяқлы әллеқашан өмирин өтеп болған тәртиплерди бийкар етиў ўақты жетти.
Буның ақыбетинде жүзлеп исбилерменлер қаншадан-қанша қыйналып, материаллық зыян көрип атырғанлығын есапқа алсақ, бул өзгерислердиң қандай үлкен әҳмийетке ийе екенлиги анық көринеди.
Олий суд, Бас прокуратура, Бизнес-омбудсман, Саўда-санаат палатасы, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги 2020-жыл 1-апрелге шекем әне усы мәселелер бойынша тийисли нызам жойбарын пухта ислеп шығыўы лазым”.
Мүрәжатнама_2020
Шавкат Мирзиёев:
Бақша жасындағы балаларды мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў дәрежесин, усы жылда 60%ке жеткериўимиз зәрүр.
Усы мақсетлерге усы жылда бюджеттен дерлик 2 триллион сум қаржы ажыратылады.
Усы жылдан баслап, тарийхымызда биринши рет 6 жаслы балаларды мектепке таярлаў системасы енгизиледи.
Буған бюджеттен 130 миллиард сум ажыратылып, бул процесте жеке меншик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери де тиккелей қатнасады.
Мүрәжатнама_2020
2020-жылда бюджеттен ажыратылатуғын 1,7 триллион сум қаржы есабынан 36 жаңа мектеп қурылып, 216 сы капитал оңланады. Сондай-ақ, 55 жеке меншик мектеп шөлкемлестирилип, олардың саны 141ге жеткериледи.
Сондай-ақ, 340 кәсип-өнер мектеби, 147 колледж ҳәм 143 техникум шөлкемлестириледи.
Мектеп питкериўшилерин жоқары билимлендириў менен қамтып алыў дәрежеси 2020-жылда кеминде 25%ке ҳәм алдағы ўақытларда 50-60%ке жеткериледи.
Мүрәжатнама_2020
Президент Шавкат Мирзиёев: банк системасын раўажландырыў бойынша қатаң шаралар көрилиўи керек. Банк системасы санлы технологияларды енгизиў бойынша 10-15-жыл арқада қалмақта. Мәмлекетлик банклери басқышпа-басқыш халықаралық инвесторларға сатылады. Усы жылда Миллийбанк ҳәм Ипотека-банк та өз евробондларын шығарады.
Мүрәжатнама_2020
Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен жоқары билимлендириў мәкемелеринде қәнигеликке байланысы болмаған пәнлер еки есе қысқартылыўы мәлим қылынды.
Сондай-ақ, жоқары билимлендириў мәкемелерине финанслық ҳәм академиялық ғәрезсизлик бериледи.