Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

08

ХОЖЕЛИ РАЙОНЫ ӘДИЛЛИК БӨЛИМИ ТӘРЕПИНЕН 2020–ЖЫЛ ДАЎАМЫНДА ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЛҒАН ЖУМЫСЛАРЫ БОЙЫНША ЕСАБАТЫ


ХОЖЕЛИ РАЙОНЫ ӘДИЛЛИК БӨЛИМИ ТӘРЕПИНЕН 2020–ЖЫЛ ДАЎАМЫНДА ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЛҒАН ЖУМЫСЛАРЫ БОЙЫНША ЕСАБАТЫ

Бирден бир мәмлекетлик ҳуқықый сиясатты жүргизиў, норма дөретиўшилиги жумысларын муўапықластырыў, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары жумысларында ҳуқықты қоллаў әмелиятын изшил ҳәм бир түрде тәмийинлеў бойынша илажларды әмелге асырыў әдиллик уйымларының тийкарғы ўазыйпаларынан бири болып есапланады.

Бул бағдарда 2020-жылда бөлим тәрепинен бир қатар жумыслар әмелге асырылды.

Бөлимге жыл даўамында 278 хат ҳәм ҳүжжетлер келиб түсти.

Буйрық тийкарында мәмлекетлик органлары ҳәм шөлкемлеринде жәми 33 үйрениў ҳәм мониторинг алып барылып, жәми 3045 нызам бузылыў жағдайлары анықланды. Үйрениўлер даўамында тийисли мәмлекетлик органлары ҳәм шөлкемлерине 76 усыныс, 66 ескертиў, 30 ҳәкимшилик усыныслар киритилди. Сондай-ақ усыныслар тийкарында 1 млрд. 133 млн. аслам хызметкерлердиӊ ис-ҳақылары өндирилип берилди.  
Атап айтқанда, Инсан ҳуқықларын қорғаў тараўында:
Бөлимге жәми 160 мүрәжатлар келип түсип, 148 мүрәжаат өз шешимин таўып, 12 мүрәжат тийислилиги бойынша жиберилди. Судларға 333,1 млн. сумлық даўа арзалар киргизилип, пуқаралардың ҳуқықлары тикленди.
Бөлимге келип түскен мүрәжатлар анализленгенде ең көп мүрәжатлар мийнет ҳәм социаллық қорғаў мәселелерине байланыслы екенлиги анықланды.

Әдиллик бөлими тәрепинен 2020- жылдың 26–октябрь ҳәм 25–ноябрь күнлери аралығында райондағы шөлкемлерде хызметкерлердиң мийнет ҳуқықларына әмел етилиўи бойынша 856ға жақын сораўнама өткерилди. Сораўнамаларды өткериў даўамында ислеўши хызметкерлерден 10 мүрәжат қабыл етилди.

Бул мүрәжатларды көрип шығыў нәтийжелери бойынша ҳәм тийисли шөлкемлерде өткерилген мониторингларда анықланған нызамбузыўшылықларды сапластырыў бойынша тийисли шөлкемлерге жәми 38 ескертиў, 10 усыныс, судларға 56 даўа арза ҳәмде лаўазымлы шахсларды ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў бойынша 9 ҳәкимшилик усыныслар киргизилди.

Соның менен бир қатарда, бөлим тәрепинен шөлкемлестирилген қабыллаўларда 18 мүрәжатлар тийисли тәртипте көрип шығылып, унамлы шешимлерин тапты.

Юридикалық хызметлердиң жумысларын муўапықластырыў тараўында:
Бүгинги күнде район аймағындағы мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлерде 10 юрисконсульт бар болып, олардан жыл басынан 2 Әдиллик министрлигинен аттестациядан өткизилген, 2020–жылда 5 талабан сәўбеттен өткерилип лаўазымға тайынланған. Сондай-ақ, олардың тәжирийбесин арттырыў мақсетинде 1 юрисконсульт Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Юристлер маманлығын асырыў орайында аралықтан оқыўда оқып маманлығын асырды.
Ҳуқықый экспертиза тараўында:
Бөлим тәрепинен райондағы жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларының 6 қарар жойбарлары ҳуқықый экспертизадан өткерилип, мәмлекетлик есапқа алыныўы тәмийинленген.
Белгиленген талапларға әмел етпей усынылған 1 қарар жойбары ҳуқықый экспертизадан өткерилмей қайтарылды.

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық тараўында:
Пуқаралардың ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятын жоқарылатыўға байланыслы жумыслардың нәтийжелилигин еледе асырыў, пуқаралардың жәмийетлик–сиясий өзгерислер менен сәйкес түрде ҳуқықый билимлерин асырып барыўдың заманагөй усылларын енгизиў мақсетинде 2019–жылдың 9–январь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң 5618–санлы Пәрманы қабыл етилди. Усы Пәрман менен “Жәмийетте ҳуқықый мәдениятты жоқарылатыў Концепция”сы тастыйықланды. Бул салада бөлим тәрепинен 1088 үгит–нәсият жумыслары алып барылды.
Ҳуқықый үгит–нәсият илажлары пуқаралардан келип түсип атырған мүрәжатларын терең таллаў арқалы халқымыздың күнделикли турмысында ушырасатуғын мәселелер, яғный материаллық жәрдем, жер, үй–жай алыў, коммунал хожалық, жеңилликлер, алимент, мийнет нызамшылығы, жумысқа жайластырыў, билим алыў ҳәм басқалар бойынша үгит-нәсият жумыслары мәнзилли түрде алып барылды.
Атап айтқанда, “Бийпул ҳуқықый мәсләҳәт пенен ҳәр бир үйге” ураны астында жаңа ҳуқықый мәсләҳәт бериў системасын шөлкемлестириў арқалы халықтын ҳуқықый саўатсызлығын жоқ етиў мақсетинде бөлим хызметкерлери тәрепинен 2020 жылдың октябрь айынан жыл ақырына шекем жәми 18 мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларында үйме–үй жүрип 197 пуқараға ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди. Үйме–үй жүриў даўамында жәми 10 мүрәжат қабыл етилип, соннан барлық мүрәжат бөлим тәрепинен шешилди.

Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги, Жынаят ислери бойынша суды, Пуқаралық ислери бойынша суды, Ҳәкимшилик суды, Экономикалық суды ҳәм “Мадад” мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкеми ортасында “Қарақалпақстан Республикасында жынаятларды болдырмаў, жынаятшылық профилактикасын еледе жетилистириў, әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм коррупциясыз аймаққа айландырыў бойынша Бирге ислесиў Меморандумы” имзаланып, бүгинги күнде бөлим тәрепинен район суды имаратындағы “Халыққа бийпул ҳуқықый жәрдем” ханаларында физикалық ҳәм юридикалық шахсларға ҳуқықый жәрдемлер көрсетилип келинбекте.
Бүгинги пандемия шәраяты ҳәммемизге сынаўлы дәўир болмақта. Жаңа тәртиплер, нызам–қағыйдалар өзгеше турмыс тәризин пайда етти.
Усындай шәраятта халықтың ҳуқықый мәсләҳәтке болған мүтәжлигин тәмийинлеў мақсетинде, @Xujayli_adliya_bulimi телеграм каналы ашылып, ол арқалы аралықтан турып пуқаралардың ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятын жоқарылатыўға байланыслы жумыслар турақлы рәўиште алып барылмақта.


Ф.Наранова,
Хожели районы әдиллик бөлими баслығы