Янгиликлар
13
2021-жыл “Жасларды қоллап-қуӯатлаӯ ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеӯ жылы” мәмлекетлик бағдарламасы тастыйықланды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 3-февральдағы 6155-санлы Пәрманы менен 2021-жыл “Жасларды қоллап-қуӯатлаӯ ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеӯ жылы” мәмлекетлик бағдарламасы тастыйықланды.
Пәрманға муӯапық (https://t.me/huqiqiymalimleme/4420), пандемияда исбилерменлерди қоллап-қуӯатлаӯ мақсетинде төмендегилер 2021-жыл 31-декабрьге шекем әмел етеди:
➖ туризм, транспорт ҳәм улыӯма аӯқатланыӯдағы исбилерменлердиң жер ҳәм мал-мүлк салығы бойынша 2021-жыл 1-январь ҳалатына қарыздарлығы төлениӯи;
➖ пандемия дәӯиринде Президент тәрепинен исбилерменлерге 2020-жыл 31-декабрь ҳалатына қалдықта турған мал-мүлк хәм жер салығы бойынша берилген пайызсыз кешиктириӯ суммасы;
➖ киши исбилерменлерде салық аудити өткерилиӯине мораторий.
Пәрманға (https://t.me/huqiqiymalimleme/4420) көре, 2021/2022-оқыӯ жылынан:
▫️ЖООна кириӯде жоқары балл топлаған 200 жаслар ушын Президент гранты енгизиледи;
▫️ЖООда 2 ҳәм оннан артық перзенти шәртнама тийкарында оқып атырған шаңарақларға тәлим кредити бериледи;
▫️мәмлекетлик грантлар 25 пайызға, мүтәж шаңарақлардың перзенти болған ҳаял-қызлар ушын мәмлекетлик грант 2 есеге асырылады;
▫️жеке ЖООларына да мәмлекетлик грант бериледи;
Академиялық дем алыс бериӯде төмендеги тәртип орнатылады:
▫️билимлендириӯди сыртқы ҳәм аралықтан оқыӯ формасына өткерип академиялық дем алыс алыӯ;
▫️наӯқас шаңарақ ағзасын қарап атырғанларға академиялық дем алыс бериледи;
▫️академиялық дем алыс берилиӯи бойынша шеклеӯлер бийкар етиледи (әмелде оқыӯ даӯамында 2 мәрте, медицина тараӯы студентлери ушын 3 мәртеге шекем бериледи);
▫️академиялық дем алыстан қайтқан студентлерди бурын өзлестирген пәнлер бойынша қайта оқытыӯ әмелияты бийкар етиледи.
Илимий атақ ҳәм илимий дәрежелерди бериӯ 2021-жыл 1-сентябрьдан ЖОО илимий кеңеслерине басқышпа-басқыш өткериледи.
Пәрманға муӯапық (https://t.me/huqiqiymalimleme/4420), 2021-жыл 1-апрельден:
➖ “Эл-юрт умиди” қоры арқалы сырт елге магистратура ҳәм докторантураға жиберилетуғынлар 5 есеге асырылады;
➖ қор есабынан сырт елде бакалавриат бойынша оқытыӯ енгизилип, 2021-жылда сырт елге 100 студент жибериледи.
Физика ҳәм шет тиллери бойынша билимлендириӯ сапасын асырыӯ бойынша бағдарламалар ислеп шығылады.
Буннан тысқары, 2021-жыл 1-июльдан орта медицина қәнигеликлерине “мийирбийкелик иси” менен ғәрезсиз шуғылланыӯға руқсат бериледи.
2021-жыл ақырына шекем меҳрибанлық үйлериниң үй-жайга мүтәж 900 шын жетим питкериӯшилери үй-жай менен тәмийинленеди.
2021-жылда 22 бақша имаратлары, 31 жаңа мектеп, 16 ЖОО имаратлары, 24 ден саӯлықты сақлаӯ объектлери ҳәмде 23 спорт объектлери қурылады.
Мәмлекетлик бюджеттен 100 миллиард сум ажыратылатуғын Балаларды қоллап-қуӯатлаӯ қоры шөлкемлестириледи.
Хушнуд Атаджанов,
Кадрлар бөлими бас мәсләҳәтшиси