Янгиликлар
18
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
Халықаралық рейтинг ҳәм индекслер менен ислеў бойынша республика кеңеси шөлкемлестирилди
«Өзбекстан Республикасының халықаралық рейтинг ҳәм индекслердеги орнын жақсылаў ҳәмде мәмлекетлик орган ҳәм шөлкемлеринде олар менен системалы ислеўдиң жаңа механизмин енгизиў ҳаққында»ғы Президент Пәрманы (ПП-6003-сан, 02.06.2020-ж.) қабыл етилди.
Пәрман менен Халықаралық рейтинг ҳәм индекслер менен ислеў бойынша республика кеңеси шөлкемлестирилди ҳәм оның тийкарғы ўазыйпалары белгиленди.
Мәмлекеттиң социал-экономикалық ҳәм сиясий-ҳуқықый раўажланыў дәрежесин системалы анализ етип барыў, әмелге асырылып атырған түпкиликли өзгерислердиң халықаралық рейтинг ҳәм индекслерде мәмлекеттиң орнын жақсылаў мақсетлерине хызмет қылыўын тәмийинлеў Кеңес ўазыйпаларынан бири есапланады.
Финанс министрлиги ҳәм Әдиллик министрлиги кеңестиң исши органлары етип белгиленди.
Соған көре, социал-экономикалық ҳәм сиясий-ҳуқықый рейтинг ҳәм индекслердиң Кеңес исши органлары бойынша бөлистириўи тастыйықланды.
Пәрман менен сондай-ақ, Өзбекстан ушын баслы болған халықаралық рейтинг ҳәм индекслер бойынша нәтийжелиликтиң ең әҳмийетли көрсеткишлери (KPI) тастыйықланды.
Пәрманға муўапық, жуўаплы мәмлекетлик органлардың биринши басшылары ҳәр шерек жуўмағы бойынша:
кейинги айдың 15-сәнесине шекем Кеңес исши органларына мәмлекетте әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында мағлыўматлар, зәрүр статистикалық мәлимлемелер ҳәм басқа материалларды усынады;
кейинги айдың 30-сәнесине шекем Кеңес баслығы ҳәм орынбасарларының басшылығында өтерилетуғын жыйналысларда тийисли халықаралық рейтинг ҳәм индекслерде KPI ға ерисиў ушын әмелге асырылған ис-илажлар ҳаққында мәлимлеме береди.
Пәрман менен Әдиллик министрлиги орайлық аппараты структурасында Халықаралық рейтинг ҳәм индекслер менен ислеў басқармасы шөлкемлестирилди.
2020-жыл 1-октябрьге шекем Интернет тармағында «Өзбекстан Республикасы халықаралық рейтинглерде» бирден бир порталы иске түсириледи.