Янгиликлар
09
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ӘДИЛЛИК МИНИСТРЛИГИНИӉ ҲУҚЫҚЫЙ ЭКСПЕРТИЗА ҲӘМ ЮРИДИКАЛЫҚ ХЫЗМЕТЛЕРДИӉ ИСКЕРЛИГИН МУЎАПЫҚЛАСТЫРЫЎ ТАРАЎЫНДАҒЫ ЖУМЫСЛАРЫ
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ӘДИЛЛИК МИНИСТРЛИГИНИӉ ҲУҚЫҚЫЙ ЭКСПЕРТИЗА ҲӘМ ЮРИДИКАЛЫҚ ХЫЗМЕТЛЕРДИӉ ИСКЕРЛИГИН МУЎАПЫҚЛАСТЫРЫЎ ТАРАЎЫНДАҒЫ ЖУМЫСЛАРЫ
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниӊ Ҳуқықый экспертиза ҳәм юридикалық хызметлердиӊ искерлигин муўапықластырыў бөлими тәрепинен 2020-жылдыӊ 6 айы даўамында әмелге асырылған жумыслары улыўмаластырылып, анализ етилди. Министрлик ҳәм оныӊ қурамындағы район (қала) әдиллик бөлимлери тәрепинен усы жылдыӊ өткен дәўири ишинде жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларыныӊ жәми 60 қарары ҳуқықый экспертизадан өткерилип, жәми 56 қарар мәмлекетлик есапқа алынды.
Республикамыздыӊ мәмлекетлик уйымлары, мәмлекетлик кәрханалары, мәкемелеры ҳәм шөлкемлеринде 2020-жылдыӊ 1-июль ҳалатына жәми 273 юридикалық хызмети штат бирликлери бар болып, соннан 265 мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлерде жоқары юридикалық мағлыўматқа ийе болған юридикалық хызмет хызметкерлери өз искерликлерин алып бармақта ҳәм де қалған 8 мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлериндеги юридикалық хызмет хызметкери лаўазымы болса ҳәзирги күнде вакант есапланады. Сондай-ақ, 265 юридикалық хызмет хызметкеринен 216 (81,5 пайызы) юридикалық хызмет хызметкерлери маманлығын асырған, 28 (10,5 пайызы) юридикалық хызмет хызметкерлери есабат ақырында аралықтан оқыў курсларында маманлығын асырмақта, солардан 215 (81 пайызы) юридикалық хызмет хызметкерлери аттестациядан өткен.
265 юридикалық хызмет хызметкеринен 200 (75,4 пайызы) юридикалық хызмет хызметкери арнаўлы мәртебе дәрежелерине ийе. Арнаўлы мәртебе дәрежесин алыў ушын юридикалық хызмет хызметкери сол тараўда 1 жыллық жумыс стажына ийе болыўы лазым. Алдын суд, прокуратура, ишки ислер, бажыхана, салық уйымларында ислеп, усы уйымлардыӊ тийисли мәртебе дәрежелерин алған юридикалық хызмет хызметкерлерине 1 жыллық жумыс стажына қарамастан белгиленген тәртипте маманлығын асырған ҳәм аттестациядан өткенинен соӊ оларға мәртебе дәрежелери Өзбекстан Республикасы әдиллик министриниӊ буйрығы менен теӊлестирилип берилмете.
Бөлим тәрепинен 2020-жылда юристлердиӊ маманлығын асырыў бойынша «Аралықтан маманлығын асырыў» оқыў курсларын шөлкемлестириў бойынша Әдиллик министрлиги жанындағы Юристлер маманлығын асырыў орайынан шәртнамалар алынып, республикамыздағы шөлкемлерге тарқатылды. Сондай-ақ, 45 маманлығын асырмаған юридикалық хызмет хызметкерлери бойынша мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге хатлар шығарылды. Соныӊ менен бирге, министрлик тәрепинен Әдиллик министрлиги жанындағы Юристлер маманлығын асырыў орайы менен шерикликте усы жылдыӊ июнь айыныӊ ақыры ҳәм июль айыныӊ басынан баслап 3 айлық аралықтан оқыў курсларында республикамыздағы мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиӊ жәми 43 юрисконсультлары маманлығын асырмақта. Маманлығын асырғанынан соӊ оларға белгиленген үлгидеги Юристлер маманлығын асырыў орайыныӊ сертификатлары бериледи.
Есабат дәўиринде министрликтиӊ «Юридикалық хызмет хызметкерлерин аттестациядан өткериў комиссиясы»на аттестациядан өтиў ушын жәми 24 юридикалық хызмет хызметкерлери тәрепинен ҳүжжетлер усынылған, усы ҳүжжетлер белгиленген тәртипте көрип шығылып, комиссияныӊ тийисли қарарына муўапық, жәми 20 юридикалық хызмет хызметкерлери аттестациядан өткен деп, 4 юридикалық хызмет хызметкерлери аттестациядан өтпеген деп таўылған ҳәмде 1 юридикалық хызмет хызметкердиӊ ҳүжжетлери тийисли норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер талаплары тийкарында орынланбай қайтарылған. Юридикалық хызмет хызметкерлерин аттестациядан өткериў комиссиясы тәрепинен аттестациядан унамлы түрде өткен юридикалық хызмет хызметкерлерине белгиленген үлгидеги аттестациядан өткенлик ҳаққындағы гүўалықлары тапсырылды.
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниӊ «Юридикалық хызмет хызметкерлерин лаўазымға тайынлаў ҳәм азат етиў мәселелерин әдиллик уйымлары менен келисиў комиссиясы» тәрепинен 2020-жылдыӊ 6 айы даўамында республикамыздыӊ мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлери тәрепинен жәми 59 юридикалық хызмет хызметкерлерин лаўазымға тайынлаў мәселесин келисиў бойынша келип түскен усыныслары көрип шығылды. Көрип шығыў барысында 2 талабанныӊ ҳүжжетлери орынланбастан қайтарылды, сондай-ақ комиссия тәрепинен жәми 57 талабанды юридикалық хызмет хызметкери лаўазымына тайынлаў бойынша белгиленген тәртипте сәўбеттен өткерди. Өткерилген сәўбет нәтийжеси ҳәм де тийисли комиссиясы қарарына тийкарланып 14 талабан сәўбеттен өтпеген деп, 43 талабан сәўбеттен өткен деп таўылып, юридикалық хызмет хызметкери лаўазымына тайынлаў ушын келисим берилди. Сондай-ақ, Министрликтиӊ «Юридикалық хызмет хызметкерлерин лаўазымға тайынлаў ҳәм азат етиў мәселелерин әдиллик уйымлары менен келисиў комиссиясы» тәрепинен жиберилген усыныслар тийкарында жәми 25 юридикалық хызмет хызметкерин ийелеп турған лаўазымынан азат етиў мәселеси келисилди, 4 юридикалық хызмет хызметкериниӊ лаўазымынан азат етиў мәселеси кемшиликлери ушын канаатландырылмастан кайтарылды.
Буннан тысқары, юридикалық хызмет хызметкерлериниӊ кәсиплик билимлери, оқыў ҳәм әмелий көнликпелерин пайда етиў ҳәм беккемлеў, сондай-ақ тайынланатуғын лаўазымы бойынша функционал ўазыйпаларды сапалы орынлаў ушын есабат дәўиринде министрликте жәми 11 юридикалық хызмет хызметкерлери белгиленген тәртипте стажировкасын өтеди.
Усы жылдыӊ 6 ай даўамында Өзбекстан Республикасы Әдиллик министриниӊ тийисли буйрықлары тийкарында жәми 13 юридикалық хызмет хызметкерлерине арнаўлы мәртебе дәрежелери берилди. Бөлим тәрепинен өткен дәўир ишинде 5 жуўапкер шахсларға қарата интизамий жаза шаралары қолланылып, сөгис берилди.
Ҳуқықый экспертиза ҳәм юридикалық хызметлердиӊ искерлигин муўапықластырыў бөлими.