Янгиликлар
26
Ақыретлегенлик ушын қандай жуўапкершилик бар?
Ақыретлегенлик ушын қандай жуўапкершилик бар?
Ақыретлеў- шахстың абыройы ҳәм ар-намысын қастан кемситкен ямаса әдепсизлик пенен қастан бузғанлығы ушын нызамшылықта ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершилик нәзерде тутылған.
Атап айтқанда, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте (https://lex.uz/docs/97664) ақыретлеген шахсқа базалық есаплаӯ муғдарының 20 есесинен 40 есесине шекемги муғдарда жәрийма салыныўы белгиленген.
Егер усы ҳуқықбузарлық бир жыл ишинде қайта исленсе ҳуқықбузарға қарата жынайый жуўапкершилик белгиленеди.
Жынаят кодексине (https://lex.uz/docs/111453) тийкар ақыретлеген шахсқа:
базалық есаплаӯ муғдарының 200 есесине шекемги муғдарда жәрийма
240 саатқа шекем мәжбүрий жәмийетлик жумыслар;
1 жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары жазасы берилиўи мүмкин.
Ақыретлеў баспадан шығарыў, басқаша усылда көбейтирилген текстте ямаса ҒХҚ арқалы әмелге асырылса усы ҳәрекет туўрыдан-туўры жынаят есапланады ҳәм айыпкер:
базалық есаплаӯ муғдарының 200 есесинен 400 есесине шекемги муғдарда жәрийма;
240 сааттан 300 саатқа шекем мәжбүрий жәмийетлик жумыслары;
1 жылдан 2 жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары жазасы менен жазаланыўы мүмкин.
Егерде ақыретлеў:
• жәбирлениўшини өз хызмет ямаса пуқаралық ўазыйпасын орынлаў мүнәсибети менен байланыслы ҳалда;
• қәўипли рецидивист тәрепинен;
• ақыретлегенлиги ушын алдын судланған шахс тәрепинен исленген болса:
базалық есаплаӯ муғдарының 400 есесинен 600 есесине шекемги муғдарда жәрийма;
2 жылдан 3 жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары;
1 жылға шекем еркинликти шеклеў;
1 жылга шекем еркинликтен айырыў жазасы тайынланыўы мүмкин.