Янгиликлар
23
Апатлар ақыбетинде жойтылған ҳүжжетти тиклеӯде тѳлем ѳндирилмейди
Апатлар ақыбетинде жойтылған ҳүжжетти тиклеӯде тѳлем ѳндирилмейди
“Айырықша жағдайлардан жабир кѳрген пуқараларды социаллық қорғаӯдың қосымша илажлары ҳаққында”ғы Президент қарары қабыл етилди (ПҚ–4871, 22.10.2020-ж).
Қарарға муӯапық, 2021-жыл 1-январьдан Өзбекстан ҳәм сырт мәмлекетте айырықша жағдайлар, соның ишинде турмыслық түстеги апатлар (апатлар) жүз бергенлиги ақыбетинде физикалық шахслардың айыпсыз жойтылған ямаса жарамсыз жағдайға келген ҳүжжетлерди тиклеӯде олар мәмлекетлик бажы ҳәм жыйымлардан азат етиледи.
Апатлар жүз бергенлигин тастыйықлаӯ, зәрүрлик болғанда ҳүжжетти тиклеӯ ӯәкиллиги болған мәмлекетлик уйымының сораӯына тийкар:
Өзбекстан аймағында –Айырықша жағдайлар министрлиги тәрепинен берилетуғын мағлыӯматнама тийкарында;
Сырт ел мәмлекетлер аймағында–сырт ел ӯәкилликли кеңселери тәрепинен берилген ҳәм легалластырылған ямаса апостиль қойылған ямаса халықаралық шәртнамаларға муӯапық рәсмийлестирилген мағлыӯматнама тийкарында әмелге асырылады.
Өзбекстан аймағында апатлар жүз бергенлиги ақыбетинде ҳүжжетлерди тиклегенлиги ушын ѳндирилмеген тѳлемлер, усы жағдайлар бойынша айыплы шахслар (шѳлкемлер) бар болса, кейинала олардан регресс тәртибинде ѳндириледи.
Апатлар жүз бергенлиги ақыбетинде физикалық шахслардың айыпсыз ҳүжжетлер жойтылса ямаса жарамсыз жағдайға келсе, оларға қарата жаза шаралары қолланылмайды.