Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

12

Билесиз бе?


#Билесиз_бе?

Төмендеги шахсларға ўақтынша мийнетке жарамсызлық напақасы ис стажының даўамлылығына қарамастан 100 пайыз төленеди:  

ислеп атырған 1941–1945-жыллардағы урыс қатнасыўшылары (https://lex.uz/docs/357102);

байналминал жаўынгерлерге ҳәм оларға теңлестирилген басқа шахслар;

қарамағында 16 жасқа (оқыўшылар18 жасқа) жетпеген үш ямаса оннан артық балалары болған хызметкерлер;

Чернобил АЭСдеги авария ақыбетлерин сапластырыўда қатнасқан хызметкерлер;

Чернобил АЭСдеги авария нәтийжесинде радиоактив патасланыў зонасынан эвакуация етилген ҳәм көширилген, қан пайда етиўши кеселликлери (өткир лейкоз), қалқантәризли без (аденома, рак) ҳам қәўипли өспелер менен байланыслы кеселликлерге шалынған хызметкерлер;

мийнетте майыпланыў ҳәм кәсип кеселлиги нәтийжесинде ўақтынша мийнетке жарамсыз болған хызметкерлерге;

коронавирус инфекциясы менен зыянланыўы ямаса зыянланған деп гүмән етилгенлиги мүнәсибети менен карантинге жайластырылған ата-аналар (олар орнын басыўшы шахслар, қәўендерлер, қайырқомлар), сондай-ақ олардың 14 жасқа шекем болған баласын қарап атырған шахсларға (https://lex.uz/docs/4770761).