Янгиликлар
05
Билесиз бе?
Артықша төленген салық суммасы салық төлеўшиниң арзасына көре оған толық ямаса бир бөлеги қайтарылыўы мүмкин.
Усы сумма төленген күннен баслап 5 жыл ишинде оны қайтарыў ҳаққында арза берилиўи мүмкин.
Салық органы арза алынған күннен баслап 15 күн ишинде салық төлеўшиге артықша төленген салықты қайтарыўы лазым.
Артықша төленген сумманы салық төлеўшиге қайтарыў мүддети бузылған жағдайларда қайтарылмаған сумма ушын салық төлеўшиге қайтарыў мүддети бузылған ҳәр бир календарь күн ушын процентлер есапланады.