Янгиликлар
05
Халықаралық күн
5-октябрь – Халықаралық оқытыўшылар күни
ЮНЕСКОның 1966-жыл 5-октябрьде Париж қаласында болып өткен 14-сессиясында Халықаралық мийнет шөлкеми менен бирге Оқытыўшылардың статусы ҳаққында усыныс қабыл етилген.
Усы ҳүжжетте оқытыўшылардың ҳуқық ҳәм мәжбүриятлары, олар ушын жаратылыўы зәрүр болған ең әҳмийетли шәраятлар бойынша халықаралық нормалар белгиленген.
Усы мүнәсибет пенен, бул сәне 1994-жылдан берли Халықаралық оқытыўшылар күни сыпатында белгиленип келинбекте.
Бул күн 100 ден артық мәмлекетте кеңнен белгиленип, оқытыўшылардың инсаният турмысы ҳәм дүнья раўажланыўында тутқан орны ҳәм әҳмийетин, олардың мийнет шәраятларын жақсылаў ҳәм ҳуқықларын қорғаўға итибар қаратыў лазымлығын еслетип турады.