Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

16

Әдиллик хабары


Қарақалпақстан Республикасы юридика техникумында 2020-жыл          2-сентябрь күни бос жумыс орынларына талабанларды таңлаўға қатнасыў бойынша хабарландырыўды және бир мәрте еслетип өтемиз
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 6-сентябрдеги ПФ-5812 “Профессионал билимлендириў саласын жәнеде жетилистириў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы ҳәм 2020-жыл 29 апрелдеги ПФ–5987-сан “Өзбекстан Республикасында юридик билим ҳәм пәнди жәнеде раўажландырыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы Пәрманына тийкар Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги Қарақалпақстан Республикасы юридика техикумы вакант лаўазымларды билимли, заманагөй талапларға жуўап беретуғын,  профессионал таярлық, жоқары потенциалға ийе талабанлар менен толтырыў мақсетинде ашық ҳәм еркин таңлаў жәриялайды:                                        
      
Қарақалпақстан Республикасы юридика техникумы факультет деканы
Юридика техикумы факультет методисти
Қарақалпақстан Республикасы юридика техникумы оқыў ислери бойынша                                               бөлим баслығы.
Қарақалпақстан Республикасы юридика техникумы оқыў ислери бойынша                                               бөлими методисти.
Қарақалпақстан Республикасы юридика техникумы психологи.
Қарақалпақстан Республикасы юридика техникумына төменде аты көрсетилген арнаўлы пәнлер бойынша оқытыўшы лаўазымларына таңлаўға қатнасыў ҳуқықына ийе:
1. Ҳуқықый көнликпелер ҳәм методология (Legal Skills and     Methodology) пәни
2. Мәмлекет ҳәм ҳуқық назарияси (Legal Theory) пәни
3. Конституциялық ҳуқық (Constitutional Law) пәни
4. Мәмлекет ҳәм ҳуқық тарийхы (Legal History) Law) пәни
5. Салыстырмалы конституциялық ҳуқуқ (Comparative constitutional      law) пәни
6. Рим ҳуқықы (Roman Law) пәни
7. Суд ҳәм ҳуқықты қорғаў органлары (Law Enforcement Agencies) пәни
8. Юристлер ушын англичан тили (Legal English) пәни
Жоқарыда көрсетилген вакант лаўазымларына талабанлар төмендеги талапларға жуўап бериўи тийис:
     - жоқары мағлыўматлы (юрист)
     - Өзбекстан Республикасы пуқарасы
     - мәмлекетлик тилди ҳәмде компьютер технологияларын толық билиўи
     - еркин пикирлеў ҳәм тапсырмаларды бийғәрез орынлаў қәбилетине ийе болыўы.
Жумыс шараятлары:
Жумыс күни: дүйшемби, сийшемби, сәршемби, пийшемби, жума.
Демалыс күнлери: шемби, екшемби.  
Жумыс ўақты: 09:00ден 18:00ге шекем.
  
Таңлаўда қатнасыў нийетинде болған талабанлар Қарақалпақстан Республикасы юридика техикумына ҳәмде телеграм канал (90) 652-05-66 канал арқалы дизимнен өтиўи, Қарақалпақстан Республикасы юридика техикумындағы бос жумыс орынларының бирин таңлап, соралған ҳүжжетлерин усыныс етиўи керек.

Итибар қаратың!
Таңлаўда қатнасып атырған талабан бир ўақыттың өзинде 1 бос жумыс орны ушын арза менен мүрәжат етиў имканиятына ийе.
Мағлыўмат ушын телефонлар: (61) 225-15-66, телеграм канал (90) 652-05-66.
Талабанлардан арза ҳәм керекли ҳүжжетлерди қабыл етиў мүддети:
2020-жыл 3-сентябрьден – 20-сентябрьге шекем қабыл етиледи.
Таңлаў төмендеги басқышларда өткериледи:
1-басқыш - ҳүжжетлерди қабыл етиў;
2-басқыш - талабанлардың вакант лаўазымына қойылатуғын қәнигелик талапларына муўапықлығын үйрениў;
3-басқыш - талабанлар менен тест сынаўларын өткериў;
4-басқыш - талабанлар менен сәўбет өткериў;
5-басқыш - талабанларды жумысқа қабыл етиў ҳаққында усыныс бериў.

Арза ҳәм ҳүжжетлерди қабыллаў мүддети өткеннен соң жиберилген арза ҳәм ҳүжжетлер қабылланбайды.