Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

16

Нызамшылықтағы жаңалықлар


Мийнет мигрантларына өзин-өзи бәнт еткен шахсларға белгиленген пенсия есаплаў тәртиби қолланылады

Қарарға (http://qoraqalpoq.adliya.uz/uz/news/detail.php?ID=39233) муўапық, 2021-жыл 1-январьдан баслап шөлкемлестирилген мийнет миграциясы жолы менен сырт елде ўақтынша ислеў өзин-өзи бәнт еткен шахслар шуғылланыўы мүмкин болған искерлик (жумыслар, хызметлер) түрлерине теңлестириледи ҳәм оған өзин-өзи бант еткен шахслар ушын белгиленген салықларды төлеў ҳәмде пенсия муғдарын есаплаў тәртиби қолланылады.

2021-жыл 1-январьға шекем:

• Өзбекстанда Россия Федерациясы Ишки ислер министрлигиниң паспорт-виза хызмети ўәкилханасы ашылады ҳәм усы ўәкилханада ўақтынша мийнет искерлигин әмелге асырыўға руқсатнама (патент) таярлаў, рәсмийлестириў ҳәм бериў хызметлери көрсетиледи;

• Россия Федерациясы, Қазақстан ҳәм Туркия Республикаларында ислеп атырған Өзбекстан пуқараларына ҳуқықый жәрдем көрсетиў мақсетинде усы мәмлекетлердеги адвокатлық шөлкемлери менен питимлер дүзиледи;

• Сыртқы мийнет миграциясы агентлигиниң Екатеринбург, Новосибирск, Самара, Уфа, Шымкент ҳәм Истанбул қалаларындағы ўәкилханалары ашылады.

Шет мәмлекетлерде аўыр финанслық аўҳалға түскен ҳәм шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерсиз, қаржыларсыз қалған пуқараларға төленетуғын бир мәртелик материаллық жәрдем муғдары БЕМның 2 есесине шекем көбейтирилди (алдын БЕМның 1 есеси еди).

Сондай-ақ, мийнет мигрантларына ҳуқықый жәрдем бериў бойынша онлайн платформа жаратылады ҳәмде Россия Федерациясында “Call-марказ” шөлкемлестириледи.

2021-жыл 1-январьдан “Социаллық қорғаў бирден бир реестри мәлимлеме системасы”на киргизилген кем тәмийинленген шаңарақ ағзасы сырт елде ўақтынша ислеп қайтып келгенде:

БЕМның 10 есесине шекемги муғдарда субсидия төленеди;
Исбилерменлик искерлигин әмелге асырыў ушын ажыратылған кредитлер бойынша пайыз ставкасының Орайлық бант тийкарғы ставкасынан асатуғын, бирақ тийкарғы ставканың 1,5 есесинен көп болмаған бөлеги компенсация етиледи.

Соның менен бир қатарда, мийнет миграциясы мәселелери бойынша мүрәжатларды қабыл етиўши “1282” қысқа номерли исеним телефоны шөлкемлестириледи.