Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

16

Нызамшылықтағы жаңалықлар


Мийнет мигрантларына микроқарызлар бериледи.

“Қәўипсиз, тәртипли ҳәм нызамлы мийнет миграциясы системасын енгизиў ис-илажлары ҳаққында” Президент карары (ПҚ–4829-сон, 15.09.2020 й.) қабыл етилди.

Қарарға муўапық, қәўипсиз, тәртипли ҳәм нызамлы мийнет миграциясы системасы енгизиледи.

Сырт елде ислеўге кетиўден алдын Өзбекстан пуқараларын кәсип-өнерге ҳәм шет тиллерге оқытыў әмелиятын нәтийжели жолға қойыў, оларға кәсиплик маманлығын тастыйықлаўшы халықаралық тән алынатуғын сертификатларды бериў системасын енгизиў усы системаның тийкарғы бағдарларынан бири етип белгиленди.

Қарарға көре:
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери аймақлық филиалларына улыўма басшылық етеди;
-Аймақлық филиал басшылары Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығы, ўалаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң жәрдемшиси есапланады;
- Аймақлық филиаллар сырт ел жумыс бериўшилери менен келисимлер дүзеди ҳәмде сырт елге пуқараларды жумысқа жибереди.

Қарарға муўапық, 2021-жыл 1-январға шекем төмендегилер шөлкемлестириледи:
- Ташкент қаласындағы “Жумысқа мәрҳамат” моноорайында “Япон тили ҳәм кәсиплик маманлық” тест орайы;
- Ферғана қаласындағы “Жумысқа мәрҳамат” моноорайында кепсерлеўшилер мектеби;
- Гулистан қаласындағы “Жумысқа мәрҳамат” моноорайында жумысшылар таярлаў оқыў орайы;
- Наманган ўәлаятындағы профессионал тәлим мәкемелеринде мәмлекет жеке шериклик тийкарында “IT School” оқыў орайлары, шет тиллерине оқытыў ҳәм хызмет саласы бойынша кәсиплерге таярлаў оқыў орайлары.

Сондай-ақ, 2021-жыл 1-январдан:
- “Социаллық корғаў бирден-бир реестри мәлимлеме системасы”на киргизилген кем тәмийинленген шаңарақ ағзасы шөлкемлестирилген мийнет миграциясы жолы менен ўақтыншалық ислеў ушын сырт елге шығып атырғанда оларға микроқарызлар бериў тәртиби енгизиледи;
- микроқарызлар сырт елде жумысқа орналасыў менен байланыслы қәрежетлерди қаплаў ушын 10 млн сўмга шекем муғдарда 1 жыл мүддетке бериледи;
- микроқарыз пайыз ставкасының Орайлық банк тийкарғы ставкасынан асатуғын, лекин тийкарғы ставканың 1,5 есесинен көп болмаған бөлеги компенсация етиледи.