Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

10

Мигрантқа ҳуқықый жәрдем


Мигрантқа ҳуқықый жәрдем

Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 20-августтағы 5785-санлы Пәрманында үй-жай шараятларын жақсылаўға мүтәж болған мийнет мигрантларына быйылдан үй-жайлар қурылысы бойынша мәмлекетлик бағдарламаларының орынланыўы шеңберинде кɵп квартиралы үйлерден 3462 квартира ажыратылыўы белгиленген.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 29-январьдағы 39-санлы Қарары менен “Үй-жай шараятларын жақсылаўға мүтәж болған мийнет мигрантларына кѳп квартиралы үйлерден квартиралар ажыратыў ҳаққында”ғы Реже тастыйықланды.
Қарар менен тастыйықланған Режеге муўапық, үй-жайлар жеңилликли ипотека кредити тийкарында ҳәр жылы район (қала)лардан белгиленген тәртипте ажыратылады.

Үй-жай ажыратыў тѳмендеги басқышларда әмелге асырылады:
-арза бериўши талапкер сыпатында жазба усынысты алыў ушын талапкерлерди таңлаў бойынша комиссия баслығына мудамы жасаў жери бойынша ҳүжжетлерди ҳǝм сораўнама-арзаны усыныс етеди;
- комиссия ҳүжжетлерди 15 жумыс күни ишинде кѳрип шығады;
- комиссия арзаны кѳрип шығыўда үй-жай шараятын жақсылаўға мүтәж болған мийнет мигрантларын бир қатар социаллық критериялар тийкарында (талапкер атында үй-жай жоқлығы, ижарада турыўы, басқа шаңарақ пенен бир үйде жасаўы, кѳп балалылық ҳǝм басқалар) анықлайды;
- арзаны кѳрип шығыў ҳǝм үй-жай шараятын үйрениў нǝтийжесинде комиссия жазба усыныс бериў ямаса жазба усыныс бериўди бийкар етиў ҳаққында қарар қабыл етеди;
- жазба усыныс берген талапкерлер дǝслепки шǝртнамаларды дүзиў ушын инжиниринг компанияси филиалына мүрǝжат етеди.

2020-жыл бағдарламалары шеңберинде үй-жай шараятларын жақсылаўға мүтǝж болған мийнет мигрантлары ушын ипотека кредитлерин ажыратыў бойынша:
- жеңилликли дǝўир – 1 жыл;
- кредиттен пайдаланыўдың биринши 5 жылы даўамында ҳǝр жылы процент ставкасына қатаң белгиленген 7 проценттен қайта қаржыландырыў ставкасы дǝрежесине шекем бир нормада асып баратуғын ставкада ҳǝм кейинги дǝўирде қайта қаржыландырыў ставкасында белгиленеди.

Елликқала районы ǝдиллик бѳлими бас мǝслǝҳǝтшиси                                                                            Н.Тайров