Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

10

ВОЛОНТЁРЛЫҚ ИСКЕРЛИГИ ҲАҚҚЫНДАҒЫ НЫЗАМЫНЫҢ МАЗМУН-МӘНИСИ


Мәмлекетимизде 2019-жыл 2-декабрь күни “Волонтёрлық искерлиги ҳаққында”ғы Нызамы қабыл етилди.
Усы Нызам 25 статьядан ибарат болып, волонтёрлық искерлиги
менен байланыслы болған бир қатар мәселелердиң ҳуқықый тийкарлары жаратылып, олардың мазмун-мәниси ашып берилген.
Нызам талапларына көре, волонтёрлық искерлигиниң мақсетлери физикалық ҳәм юридикалық шахсларға, улыўма жәмийетке жәрдем көрсетиў,
қоршаған орталықты қорғаў, социаллық әҳмийетке ийе илажларда оларды шөлкемлестириўшилердиң разылығы менен қатнасыў, жәмийетте пуқаралық көз-қарасынан, өзин-өзи шөлкемлестириўди, жәмийетлик жуўапкершилик,
өз-ара жәрдем бериў ҳәм мийрим-шәпәәт сезимлерин қәлиплестириўден ибарат.
Сондай-ақ, волонтёрлық искерлигиниң ўазыйпалары пуқараларды халықтың турмыс сапасын жақсылаўға қаратылған түрли қыйлы жәмийет искерлигине қатнастырыў механизмлерин қәлиплестириў, социаллық ўазыйпаларды шешиўде жәмийетке жәрдем көрсетиў, волонтёрлық искерлигин шөлкемлестириўге қаратылған пуқаралық басламаларын раўажландырыў
ҳәм қоллап-қуўатлаў, халықта саламат турмыс тәризи көнликпелерин қәлиплестириў, патриотлық сезимин тәрбиялаў, пуқаралар тәрепинен социаллық ўазыйпаларды шешиў ушын өзин-өзи көрсетиў ҳәм өзин-өзи шөлкемлестириў көнликпелерин алыўдан ибарат.
Волонтёрлық искерлиги жеке тәртиптеги волонтёрлық искерлиги, волонтёрлар топары қурамындағы волонтёрлық искерлиги, волонтёрлық шөлкеми арқалы волонтёрлық искерлиги формаларында әмелге асырылыўы мүмкин.
Соның менен қатарда, волонтёрлық искерлиги төмендеги бағдарлар бойынша әмелге асырылады:
Кем тәмийинленгенлерди, жумыссызларды, көп балалыларды, баспанасызларды, қараўсыз қалғанларды, сондай-ақ социаллық реабилитацияға мүтәж шахсларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде волонтёрлық жәрдемин көрсетиў;
кеселлерди, майыплығы болған шахсларды, жалғызларды, кекселерди ҳәмде өзиниң физикалық, материаллық яки басқа өзине тән қәсийетлери себепли қоллап-қуўатлаўға ҳәм жәрдемге мүтәж болған шахсларды қараў;
тәбийий яки техноген түстеги айрықша жағдай ақыбетинде, айрықша режим, айрықша жағдай енгизилгенде, социаллық тартыслар, бахытсыз ҳәдийселер нәтийжесинде жәбирленген пуқараларға, сондай-ақ жынаятлардан жәбирленгенлерге, қашқынларға жәрдем көрсетиў;
өзиниң физикалық яки басқа өзине тән қәсийетлери себепли
өз ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин әмелге асырыўы шекленген шахсларға жәрдем көрсетиў;
қоршаған орталықты қорғаў, мәдений мийрасты, тарихий-мәдений орталықты, жерлеў орынларын сақлап қалыў менен байланыслы илажлар өткериў;
ғалаба спорт, мәдений илажларды ҳәм басқа жәмийетлик илажларды шөлкемлестириў менен байланыслы миллий ҳәмде халықаралық әҳмийетке ийе илажларды өткизиўге көмеклесиў;
айрықша дәўир ҳәм айрықша жағдай ҳуқықый режимларының әмел етиўи ўақтында Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлерине, басқа әскерий мәкемелерге, ҳуқықты қорғаўшы уйымларға, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларына волонтёрлық жәрдемин көрсетиў.
Волонтёрлық искерлиги нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа бағдарлар бойынша да әмелге асырылыўы мүмкин.
Буннан тысқары, нызам менен волонтёрлық бағдарламасы түсинигиниң ҳуқықый тийкары жаратылған.
Волонтёрлық бағдарламасы – волонтёрлық шөлкеми, волонтёрлар
яки волонтёрлар топары тәрепинен илажларды ҳәм күтилетуғын нәтийжелерди көрсеткен ҳалда орынланатуғын, социаллық бағдарланған, жәмийет
ушын пайдалы болған ўазыйпаларды шешиўге қаратылған ис-илажлар комплекси.
Бағдарлама волонтёрлық искерлигин раўажландырыўға, пукаралардың
ҳәм волонтёрлық шөлкемлериниң волонтёрлық белсендилигин хошаметлеў системасын раўажландырыўға, волонтёрларды ҳәм волонтёрларды муўапықластырыўшыларды таярлаў системасын жетилистириўге, түрли волонтёрлық шөлкемлери ҳәмде волонтёрлық мийнетинен пайдаланыўшы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери арасындағы шериклик системасын жетилистириўге қаратылган илажаларды өз ишине алыўы керек.
Тәбийий ҳалда бул искерлик дизимнен өтема деген сораў туўылыўы мүмкин? Әлбетте, волонтёрлық искерлигин есапқа алыўды шөлкемлестириў Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленетуғын тәртипте әмелге асырылады.
Волонтёрлық искерлигин есапқа алыў ықтыярый хабардар етиў қәсийетине ийе болады.
Волонтёрдың искерлиги – он сегиз жасқа толған физикалық шахслар волонтёрлық искерлигин әмелге асырыўы мүмкин.
Он алты жастан он сегиз жасқа шекем болған физикалық шахслар волонтёрлық искерлигин, егерде бул искерлик олардың денсаўлығына
ҳәмде минез-қулқы раўажланыўына зыян жеткизбесе ҳәм оқыў процессин бузбаса, әмелге асырыўы мүмкин.
Айрықша жағдайлар ақыбетлериниң алдын алыў ҳәм оларды сапластырыўға тийисли жумысларды әмелге асырыў ушын тек ғана он сегиз жастан үлкен болған волонтёрларға рухсат бериледи.
Волонтёр төмендеги ҳуқықларға ийе:
өзиниң волонтёрлық искерлигин әмелге асырыўда қатнасыўын
усы Нызамда белгиленген талапларды есапқа алған ҳалда еркин таңлаў;
егер волонтёр ҳәмде волонтёрлық искерлигиниң шөлкемлестириўшиси арасында дүзилген волонтёрлық шәртнамасында басқаша қағыйда нәзерде тутылмаған болса, ҳәр қандай ўақытта волонтёрлық искерлигин еркин рәўиште сапластырыў;
волонтёрлық искерлигиниң шөлкемлестириўшиси ҳәм волонтёрлық шөлкеми ҳаққында исенимли мәлимлеме алыў;
волонтёрлық бағдарламаларын орынлаў, волонтёрлық искерлигин әмелге асырыў ушын шөлкемлестирилетуғын яки усыныс қылынатуғын волонтёрлық акцияларын ҳәм басқа илажларды өткизиў;
волонтёрлық искерлиги шөлкемлестириўшисинен ҳәм волонтёрлық шөлкеминен арнаўлы кийим-бас алыў ҳәмде жол ҳақысына, жасаўга, аўқатланыўға, зәрүр жеке тәртипте қорғаныў қуралларын, әсбап-үскенелерин алыўға сарыпланған қәрежетлердиң ҳәм басқа қарежетлердиң орны қапланыўы;
волонтёрлық искерлиги шөлкемлестириўшисинен ҳәм волонтёрлық шөлкеминен усыныс түсиндеги хатларды алыў;
билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият, спорт шөлкемлерине
ҳәм тәбиятты қорғаўшы ҳәмде тоғай мәкемелериниң аймағына усы шөлкемлер ҳәм мәкемелер басшылары менен келисиўге көре волонтёрлық искерлигин әмелге асырыў ушын кириў;
волонтёрлық шөлкеминиң, волонтёрлық искерлиги шөлкемлестириўшисиниң қаржылары есабынан өмири ҳәм денсаўлығын қамсызландырыў.

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими