Янгиликлар
05
"Социаллық исбилерменлик ҳаққында"ғы Нызам жойбарында нелер нәзерде тутылмақта?
"Социаллық исбилерменлик ҳаққында"ғы Нызам жойбарында нелер нәзерде тутылмақта?
Нызамның мақсети социаллық исбилерменлик тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат.
Хош, социаллық исбилерменлик дегенимиз не? Бул юридикалық шахслар ямаса жеке тәртиптеги исбилерменлердиң белгили бир жәмийетлик-экологиялық машқалаларды шешиўге ямаса олардың ақыбетлерин жеңиллестириўге қаратылған искерлик есапланады.
Социаллық исбилерменлик искерлигиниң мақсетлери төмендегилерден ибарат:
Халықтың социаллық мүтәж қатламларын жумыс орынлары, социаллық товарлар ҳәм социаллық хызметлер менен тәмийинлеў;
Халыққа медициналық буйымлар, дәри өнимлери ҳәм социаллық әҳмийетке ийе азық-аўқат өнимлерин өзине түсер баҳасында ямаса оннан төмен болған баҳаларда сатыў;
айырықша жағдайларға қарсы гүресиў ҳәм олардың ақыбетлерин сапластырыў;
басқа социаллық мақсетлерди гөзлеген искерликти әмелге асырыў.
Халықтың социаллық мүтәж қатламларына:
Базар шәраятларында товарларды (хызметлерди) сатып алыўда ямаса мийнет базарында жумыс табыўда қыйыншылыққа ушырап атырған ямаса басқалардың жәрдемине мүтәж шахслар, атап айтқанда:
I ҳәм II топар майыплығы болған шахслар, майыплығы болған балалар;
жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар ҳәмде олар топарына киретуғын 18 жастан 30 жасқа шекем болған шахслар;
социаллық әҳмийетке ийе болған кеселликлер ҳәм әтираптағылар ушын қәўип туўдыратуғын кеселликлерге (туберкулёз, онкологиялық, психиатриялық, наркологиялық, эндокринологиялық, инфекцион, венерик кеселлиги, АИЖС, мақаў ҳәм кәсип кеселлиги) шалынған шахслар;
қарамағында 16 жасқа толмаған ямаса майыплығы болған балалары болған жалғыз шахслар;
оқыўды тамамлағаннан кейин 3 жыл өтпеген улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлери питкериўшилери;
“Меҳрибанлык” үйлериниң 30 жасқа жетпеген питкериўшилери;
Жазаны өтеў мәкемелеринен азат етилген шахслар;
өзгелердиң күтиминен мүтәж болған жалғыз кекселер ҳәм жалғыз жасаўшы кекселер;
қатнасық уқыплылығына ийе емес ҳәм қатнасық уқыплылығы шекленген шахслар.
Социаллық кәрханалар реестри жүргизиў тәртиби қандай?
Экономика ҳәм санаат министрлиги мәкемелер арлық электрон бирге ислесиў арқалы салық органларынан алынған мағлыўматлар тийкарында юридикалық шахс ямаса жеке тәртиптеги исбилерменди социаллық кәрханалардың реестрине киргизеди.
Социаллық кәрханалардың реестри Социаллық кәрханалар веб порталына ҳәм ўәкилликли мәмлекетлик органның рәсмий веб сайтына жайластырылады.
Социаллық исбилерменлик искерлигин мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў төмендеги формаларда әмелге асырылады:
• жеңилликлер ҳәм преференциялар усыныў;
• социаллық жойбар қәрежетлерин субсидиялаў;
• мәмлекетлик социаллық буйыртпасын жайластырыў;
• финанслық тәрептен қоллап-қуўатлаў;
• жәмийетлик кәрхана хызметкерлерин таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын асырыў;
• мәсләҳәт бериў, методикалық жәрдем көрсетиў ҳәм мәлимлеме тәрептен қоллап-қуўатлаўдан ибарат.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм
ағартыўшылық бөлими