Янгиликлар
09
Юристлер маманлығын асырыў орайының филиаллары шөлкемлестириледи
“Юридик салаға тийисли билим талап етилетуғын қәнигелерди қайта таярлаў ҳәм маманлығын асырыўдың заманагөй системасын енгизиў ис-илажлары ҳаққында”ғы Ҳүкимет қарары
(544-санлы, 08.09.2020-ж.) қабыл етилди.
Қарарға муўапық, Юристлер маманлығын асырыў орайының (Орай) Қарақалпақстан Республикасы ҳәмде ўәлаятларда аймақлық филиаллары шөлкемлестириледи (юридик шахс шөлкемлестирмеген ҳалда).
Кәсиплик талаплардан келип шығып кадрлар буйыртпашылары ҳәм хызметкерлерге маманлығын асырыў формаларын ғәрезсиз таңлаў имканияты жаратылады.
Қарар менен төмендегилер тастыйықланады:
Юристлер маманлығын асырыў орайында қайта таярлаў ҳәм маманлығын асырыў тәртиби ҳаққындағы Реже;
Юридик салаға тийисли билим талап етилетуғын қәнигелерди қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын асырыўға қойылатуғын мәмлекетлик билимлендириў талаплары.
Оқытыў даўамлылығы қайта таярлаў курсларында 4 ай (576 саат )ды, мамнлығын асырыў курсларында болса 2 ҳәпте (72 саат)ни қурайды.
Қарарға көре, кадрларды үзликсиз кәсиплик раўажландырыў системасы искерлигин шөлкемлестириў ҳәм ҳәр бир хызметкердиң маманлығын асырыў процесслерин мониторинг етиўши бирден-бир мағлыўматлар базасы – электрон платформа ислеп шығылады.
Сондай-ақ, маманлық асырыў курсы питкериўшилерине электрон сертификатлар бериў әмелиятын енгизиў мақсетинде “Электрон сертификатлар репозиторийсы” системасы ҳәм дәстүрий тәмийнаты жаратылады.