Янгиликлар
09
Айырым районларда қолда терилген пахта ушын үстеме ҳақы төленеди
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
Айырым районларда қолда терилген пахта ушын үстеме ҳақы төленеди
«2020-жыл пахта зүрәәтин жыйнап-терип алыў жумысларын шөлкемлескенлик пенен өткериў илажлары ҳаққында»ғы Ҳүкимет қарар (545-сан, 08.09.2020-ж.) қабыл етилди.
Қарарға көре, 2020-жылда жетистирилген пахта шийки заты жыйым-теримин шөлкемлестириўде:
- машинада терилген 1 т пахта ушын – 920 000 сум хызмет ҳақын төлеў;
- қолда терилген 1 кг пахта ушын биринши теримде – 1000 сумнан, екинши теримде – 1400 сумнан кем болмаған мийнет ҳақы төлеў;
- пахта-тоқымашылық кластерлери ҳәм кооперациялары усы баҳалардан кем болмаған ҳалда ғәрезсиз баҳа белгилеўи;
- пахта шийки заты ушын мийнет ҳәм хызмет ҳақысын ҳәр 5 күнде, зәрүрлик болғанда, ҳәр күни төлеў усынылады.
- Қарарға муўапық, жумыссыз ҳәмде ўақытыншалық бәнт болмаған халықтан ибарат терим отрядлары басшылары менен мәўсимлик жумысқа қабыл етиў бойынша пуқаралық-ҳуқықый шәртнамалар дүзиледи ҳәмде терим отрядлары басшыларына пахта шийки заты жыйым-терими жуўмағына шекем 2 миллион сумнан кем болмаған мийнет ҳақы төленеди.
- Пахта-тоқымашылық кластерлери ҳәм кооперацияларына пахта шийки затын терип алыўы ушын жыллық 16 процент ставкада (соннан 1 процент банк маржасы) кредит ажыратыў мақсетинде үш ай мүддетке қайтарыў шәрти менен «Агробанк» АКБ депозитине 1,3 триллион сумға шекем қаржылар жайластырылады.
- Пахта-тоқымашылық кластерлери ҳәм кооперациялар ҳәмде фермер хожалықлары тәрепинен сырт елден алып келинетуғын жоқары үнемли пахта териў техникалары, олардың пүтинлеўши буйымлары ҳәм аўысық бөлеклери, киргизбеген ҳалда, 2021-жыл 1-сентябрьге шекем бажыхна төлемлеринен (қосылған қун салығы ҳәм бажыхана рәсмийлестириў жыйымларынан тысқары) азат етиледи ҳәм «еркин қатнасыққа шығарыў» бажыхана режимине жайластырылған сәнеден баслап қосылған қун салығын 270 күнге шекем болған мүддетке кешиктирип төлеўге рухат бериледи.
- Төмендеги районларда қолда терилген ҳәр бир килограмм пахта шийки заты ушын усынылған тариф ставкасына мәмлекетлик қосымша дереклери есабынан 200 сумнан үстеме ҳақы төленеди:
➖ Жиззах, Сырдәрья ҳәм Ташкент ўәлаятларының барлық районлары;
➖ Қарақалпақстан Республикасының Қанлыкөл, Қараөзек, Кегейли, Қоңырат, Тахтакөпир, Хожели, Шоманай, Шымбай ҳәм Нөкис районлары;
➖ Қашқадәрья ўәлаятының Косон, Муборак, Миришкор, Нишон, Касби, Қарши районлары;
➖ Сурхандәрья ўәлаятының Қизириқ, Бандихон, Музработ ҳәм Шеробод районлары.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм районлар ҳәкимликлери билимлендириў, ден саўлықты сақлаў шөлкемлери ҳәм басқа бюджет шөлкемлери хызметкерлерин ҳәмде билимлендириў мәкемелери оқыўшылары ҳәм студентлерин пахта шийки заты жыйым-теримине шығарыў жағдайларының алдын алыў ҳәм буған шек қойыў бойынша жуўапкер екенлиги белгилеп қойылды.