Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

09

“Мадад” мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеминиӊ Нөкис қаласы ҳуқықый мәсләҳәт бюросы ашылды


Хабарыӊыз бар, Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2019-жыл 9-январь күни “Жәмийетте ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты жетилистириў системасын түптен раўажландырыў ҳаққында”ғы ПФ-5618-санлы Пәрманы қабыл етилген еди ҳәм пәрман тийкарында халықтыӊ барлық қатламларыныӊ ҳуқықый саўатлылыққа ерисиўи, ҳар тәреплеме күшли, өз ҳуқықларын билетуғын ҳәм нызамларды ҳүрмет ететуғын, ҳуқықый билимлерин күнделикли өмирде қоллана алатуғын, жоқары пуқаралық позицияға ийе болған пуқараларды тәрбиялаўдыӊ кеӊ көлемли системасын жаратыў мақсетинде жәмийетте ҳуқықый мәдениятты жетилистириў Концепсиясы ислеп шығылды.
Жоқарыда көрсетилип өтилген пәрманныӊ орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 2019-жыл 6-сентябрьде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ «Халыққа ҳуқықый мәлимлемени жеткериў ҳәм юридикалық жәрдем көрсетиў системасын түптен жетилистириў ҳаққында»ғы 741-санлы Қарары қабыл етилди ҳәм бул қарар тийкарында Өзбекстан Республикасы Әдиллик минстрлигиниӊ басламасы менен “Мадад” мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми дүзилди.
Бул шөлкемниӊ тийкарғы мақсети халыққа бийминнет ҳуқықый жәрдем көрсетиў жолы менен олардыӊ ҳуқықый санасы ҳәм ҳуқықый мәдениятын асырыўға көмеклесиўден ибарат ҳәм ҳүкимет қарарына муўапық мәкемениӊ тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгилеп берилди, яғный:
пуқараларға ҳуқықый мәселелер бойынша, соныӊ ишинде, онлайн мәсләҳәтлер ҳәм түсиниклер бериў жолы менен бирлемши бийпул юридикалық жәрдем көрсетиў;
пуқаралардыӊ ҳукықый билимлерин социаллық-сиясий өзгерислер менен биргеликте асырып барыў жумысларына кеўиллилерди тартыў;
пуқаралар тәрепинен ҳуқықый мәсләҳәт бериўге байланыслы сораўларды анализлеп барыў, анализ жуўмағына көре ҳуқықты қоллаў әмелияты ҳәм әмелдеги нызамшылықты раўажландырыў бойынша усыныслар таярлаў;
халықтыӊ ҳуқықый санасы ҳәм ҳуқықый мәдениятын жетилистириўде инновациялық усылларды, шет ел мәмлекетлериниӊ бул бағдардағы тәжирийбелерин енгизиў;
«Advice.uz» (e-maslahat.uz) ҳуқықый мәлимлеме порталыныӊ турақлы түрде жүритилиўин ҳәм  жаӊаланып барылыўын тәмийинлеўден ибарат.
Соны да айтып өтиў орынлы, Қарарға муўапық “Мадад” мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық аймақлық бөлимлерин, сондай-ақ район (қала)ларда олардыӊ ҳуқықый мәсләҳәт бюроларын шөлкемлестириў белгилеп берилген болып, бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасыныӊ Мойнақ, Әмиўдәрья, Беруний районларында ҳәм Нөкис қаласында ҳуқықый мәсләҳәт бюролары өз искерликлерин алып бармақта.
Ҳуқықый мәсләҳәт бюросы бас қәнигелери өз искерликлери даўамында халықтың барлық тараўлар бойынша өзлериниӊ қызықтырған ҳуқықый сораўларына, яғный мийнет қатнасықлары, пуқаралық, шаӊарақлық қатнасықлар, социаллық қорғаў, билимлендириў, банк, үй-жай ҳәм коммунал мәселелер, жер, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўлардағы сораўларына ҳуқықый мәсләҳәт ҳәм ҳуқықый түсиник бериў жолы менен оларға бирлемши юридикалық жәрдемлер көрсетип келмекте.
Нөкис қалалық ҳуқықый мәсләҳәт бюросы бүгинги күнде Нокис қаласы әдиллик бөлими имаратында өз искерлигин алып барып атыр. Пуқаралар ҳаптениӊ дүйшемби-жума күнлери аралығында келип өзлериниӊ қызықтырған сораўлары бойынша бийпул ҳуқықый мәсләҳәт ҳәм ҳуқықый түсиник алыўы мүмкин.

“Мадад” мәмлекетлик емес коммерциялық
емес шөлкеминиӊ Нөкис қаласы
ҳуқықый мәсләҳәт бюросы бас қәнигеси
Нурья Бердиниязова