Янгиликлар
08
Билесизбе
Нызамшылыққа муўапық төмендегилер жәмийетлик орынлар есапланады:
- стационар саўда объектлери, улыўма аўқатланыў кәрханалары;
- кинотеатрлар, театрлар, цирклар, концерт, көрик ҳәм көргизбе заллары ҳәмде ғалабалық дем алыў ушын жаўық сооружениелер;
- клублар, дискотекалар, компьютер заллары, Интернет хызметлери көрсетиў ушын үскенеленген ханалар ямаса басқа кеўил ашар орынлар;
- музейлер, мәлимлеме-китапхана мәкемелери ҳәм лекция ханалар;
- жергиликли ҳәм узаққа қатнайтуғын поездлар, қала әтирапына қатнайтуғын поездлардың вагонлары, дәрья кемелери, қала, қала әтирапына, қалалар аралық ҳәм халықаралық қатнайтуғын автобуслар, таксилер, жөнелисли таксилер ҳәмде қала электр транспорты, ҳаўа кемелери;
- ер асты өтиў орынлары, транспорт бәндиргилери ҳәм автотранспорт қуралларын ўақтынша сақлаў орынлары;
- аэропортлардың, темир жол, автомобиль вокзалларының ҳәм суў транспорты бәндиргилериниң бинәлары;
- мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў органларының, сондай-ақ кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң бинәлары;
- ден саўлықты сақлаў системасы мәкемелери ҳәм шөлкемлери, билимлендириў мәкемелери, физикалық тәрбия-саламатластырыў ҳәм спорт сооружениелери;
- жумыс орынлары болған ханалар;
- көп квартиралы үйлердиң жөлеклери, сондай-ақ үйлердиң алдынғы аймағында жайласқан балалар ҳәм спорт майданшалары;
- дем алыў орынлары, бақлар, көшелер ҳәм басқа орынлар.
Жәмийетлик орынларда төмендегилер қадаған етиледи:
- темеки өнимлерин тутыныў, сондай-ақ шылым ҳәм электрон сигареталар шегиў;
- уятлы сөзлер менен сөгиниў, ақыретлеўши шылқымлық етиў ҳәмде жәмийетлик тәртипти ҳәм пуқаралардың тынышлығын бузыўшы сол сыяқлы басқа ис-ҳәрекетлерди ислеў;
- ибәдат кийимлеринде жүриў;
- алкоголь өнимин ишиў;
- тиленшилик етиў;
- дизимнен өткерилмеген байрақлар ҳәм вимпеллерден пайдаланыў;
- ийт ҳәм пышықларды қуйрық баўсыз ҳәм жетелеўсиз алып жүриў.
- карантинли ҳәм инсан ушын қәўипли болған басқа жуқпалы кеселликлер пайда болыўы ҳәмде тарқалыўы шараятында ўәкилликли органның арнаўлы талапларына қарсы түрде ниқапсыз болыў.
Жәмийетлик орынларда усы ҳәрекетлерди ислеў тийислилигинше ҳәкимшилик (http://lex.uz/docs/97664) ямаса жынайый (http://lex.uz/docs/111453) жуўапкершиликке себеп болады.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими